Тақыятас районындағы әскерий бөлимде бир жыллық әскерий хызметин өтеген әскерлер менен хошласыў кешеси болып өтти.

Кешеде Тақыятас районы ҳәкиминиң  орынбасары У.Айтымбетов,  Жаслар ислери агентлиги районлық бөлиминиң баслығы Ш. Жумамуратов, әскерий бөлим командири М.Рахимов ҳәм бөлимниң ишки қурамы қатнасты.







Илажда сөзге шыққанлар әскерлерди Ўатан алдындағы жигитлик парызын өтегени ҳәм үйлерине қайтыўы менен қызғын қутлықлады. Буннан соң, 24 әскерге жоқары оқыў орынларына оқыўға тапсырыўы ушын усыныснамалар тапсырылды. Илаж соңында районлық мәденият бөлими тәрепинен ўатансүйиўшилик руўхындағы қосықлар атқарылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги