23-27-март күнлери Швейцарияда (Женева) Парламентлераралық аўқамның (ПАА) 148-ассамблеясы болып өтпекте.

Сенатор Орал Атаниязова Парламентлераралық аўқамның Денсаўлықты сақлаў бойынша Мәсләҳәт топарының ағзасы (мандаты 2027-жылға шекем). 23-март күни Орал Атаниязова ПААның 148-ассамблеясы шеңберинде болып өткен Денсаўлықты сақлаў бойынша Мәсәләҳәт топарының жумысында онлайн қатнасты.

ПАА Денсаўлықты сақлаў бойынша Мәсләҳәт топарының стратегиясы, ЖДСШ менен бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары, «Саламатлық ҳәмме ушын» бағдарламасы, «Ҳаял-қызлар, балалар ҳәм жас өспиримлер» мақсетли топары, парламент ағзаларының роли ҳәм тағы басқалар додаланды.

Орал Атаниязова мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм балалардың денсаўлығын қорғаў бағдарында ерисилген жетискенликлер, Өзбекстанның 2030-жылға шекемги стратегиясының тийкарғы бағдарлары ҳаққында баянат жасады, сондай-ақ, экологиялық жақтан қолайсыз аймақларда ҳаял-қызлар ҳәм балалардың денсаўлығын қорғаў әҳмийетли екенин атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги