Жаңаланыў, жасарыў әййямы – Наўрыз байрамын Мойнақ районында ҳәр жылы өзгеше тәризде, көтериңки руўхта белгилеў дәстүрге айланған.

Наўрыз байрамына бағышланып өткерилген быйылғы “NavrUz” этнофестивалы район орайында болып өтти. Оның өткерилиўине байланыслы район орайындағы Әжинияз көшеси бойындағы жоллар, Әжинияз көшеси менен Бозатаў көшесиниң кесилиспеси ҳәм Әжинияз көшеси менен Тентек арна көшеси кесилиспесиниң  аралығында автомобиль жоллары ўақтынша жаўылып, халықтың емин-еркин сейил етиўи ушын шараят жаратылды.

Мойнақ районы орайындағы дем алыў орынлары, аллеялар ҳәм көшелер ерте таңнан жергиликли турғынлар ҳәм мийманлар менен толды.

Байрам салтанатында район ҳәкими Бахтияр Менлибеков шығып сөйлеп,  жыйналғанларды Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлады.

“Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз” сүрени менен өткерилип атырған илажлар концерт бағдарламасы менен басланды.

Байрам салтанатлары болып атырған орынларда мийманларды медицина ҳәм билимлендириў мәкемелери, кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен бәҳәр мәўсимине сай безелген сахналарда бир-биринен қызықлы көргизбелер ҳәм көркем шығыўлар күтип турды.

Наўрыз сейили – адамлар арасындағы татыўлықты ҳәм ҳүрмет-иззетти және де беккемлейди, әлбетте.

Районға келген мийманлар, туристлер, белсенди нураныйлар ҳәм жаслар Наўрыз сейилинде наўрыз тағамлары, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлер, өнерментшилик буйымлары, халық ойынларын өзинде жәмлеген көргизбелерди тамашалады. Наўрызда дәстүрге бола жасы үлкен нураныйлар халқымызға жақсы тилеклерин айтып, ақ пәтиясын берди.

Байрам концертинде Мойнақ районы Мәденият бөлиминиң хызметкерлери, 2-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби жәмәәти өзлериниң көркем әдебий, композициялық көринислерин усынды. Олар өз шығыўларында қарақалпақ ҳәм туўысқан халықлардың миллий намаларын атқарып, қыз-жигитлер айтысы ҳәм басқа да фольклорлық сахналық көринислер шөлкемлестирилди. Көркем өнер шеберлери Мойнақ мәнаўият бесиги екенлигин байрам концертинде өз шығыўлары менен және бир мәрте дәлийлледи.

Наўрыз байрамы салтанатларында қатнасып атырған сырт елли мийманлардың қатары жылдан жылға көбеймекте. Байрам илажына 50 ден аслам туристлер, атап айтқанда Англия, Италия, Франция, Польша, Германия, Қытай ҳәм басқа да мәмлекетлерден мийманлар келип, миллий қәдириятларымыз сәўлеленген ҳәр бир көргизбени, миллий спорт ойынларын үлкен қызығыўшылық пенен тамашалады.

– Мениң атым Вероника,-дейди келген мийманлардың бири. – Лондонда жасаймыз. Балам менен кеше Ташкенттен Нөкиске келип едим. Бүгин этнофестивальды тамашалаў ушын Мойнаққа келдим. Байрам оғада жақсы өтип атыр. Халқы оғада миймандос екен, жақсы күтип алды. Бундай байрамды алдын көрген жоқ едим. Кең көшениң еки бойы адамларға толы. Районда жасап атырған халықлардың миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин, районның жетискенликлерин өзинде сәўлелендирген көргизбелерди, ойынларды тамалашадым. Халықтың кеўилли дем алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған екен.

Байрамда балалар айрықша қуўанышқа бөленди. Биреўлери машина айдап жүрипти, басқалары атқа, түйеге, ешек арбаға минип атыр. Пәтпелек ушырып, ләңки теўип жарысып, аткөншекте ушып атырған жаслар да көп. Көрген көзди қуўандырып, фестиваль қатнасыўшылары үстинен Мойнақтағы АН-2 самолёты да қанат жайып бир-еки мәрте айланып ушып өтти.

Ерте таңнан белин беккем буўып майданға шыққан палўанлар да қуяш батысқа қарай аўғанға шекем гүреске түсти. Жыйналған аламан район орайында шөлкемлестирилген миллий спорт түрлерине қатнасып атырған аўылласларын, мәҳәллелеслерин қоллап-қуўатлаў ушын биресе, арқан тартысып атырған майданға, биресе, қошқар дүгистирип атырған майданға барды. Қораз урыстырыў, қол гүреси, гир көтериў жарыслары да тамашагөйлерсиз қалмады.

Миллий спорт жарысларының бас байрағына телевизор қойылды. Оннан кейинги орынлардағы палўанлар ҳәм жеңимпазлар да баҳалы естелик саўғаларын алды.

– Байрам илажында бир қатар мийнет жәмәәтлери қатары бизлер де сүмелек қайнатып атырмыз,-дейди район ҳаял-қызлар белсендилериниң бири Д.Әметова. – Быйылғы Наўрыздың район орайында өткерилиўи халыққа үлкен қолайлықлар туўдырды, деп ойлайман. Бәри қалмай келип, орынларда байрамға бағышланып шөлкемлестирилип атырған илажларды тамашаламақта. Дийдар көрисип, бир-бирин қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирмекте.












Наўрыз сейиллери кеўиллерге қуўаныш бағышлап, орынларда даўам етпекте.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги