Әзелден атайы шарўалар ели атанған Бозатаў районында да улыўмахалықлық Наўрыз байрамы «Әлем нурға толсын, сениң менен Наўрыз!» сүрени менен кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында салтанатлы жағдайда белгиленип өтилди.

Онда район ҳәкими Камал Алланиязов аймақ турғынларын Улыстың уллы күни есапланған Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлап, соңғы жыллары районда әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти ҳәм бир қатар мийнет алдынғыларын сыйлықлады.




Байрам илажында районлық мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби тәрбияланыўшылары тәрепинен ана-Ўатан, туўылған жер, бәҳәр ҳәм Наўрызды жырлаўшы театрластырылған концерт бағдарламасы қойып берилди.


Сондай-ақ, байрам сейилинде районда жайласқан мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен миллий тағамлар, буйымлар ҳәм кийим-кеншеклер көргизбеси, миллий спорт жарыслары шөлкемлестирилип, жеңимпаз шөлкем басшылары ҳәм спортшыларға район ҳәкимлигиниң баҳалы естелик саўғалары тапсырылды.










Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги