Елимизде жасарыў, жаңаланыў байрамы – Наўрыз әййямы кирип келип, орынларда байрам илажлары өткерилип, халқымыз оны кеўилли күтип алмақта.

Тийисли министрликлер менен уйымлардың басшылары, депутатлар да байрам мүнәсибети менен кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж инсанлардан хабар алып, байрам саўғаларын тапсырмақта. Себеби, миллий қәдириятлар, үрп-әдетлерди өзинде жәмлеген бундай илажлар да халқымызға тән жақсы пазыйлетлердиң бири есапланады.

Шымбай районында жайласқан майыплығы бар ер адамлар “Мүриўбет” интернат үйинде өткерилген “Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!” атамасындағы байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери қатнасып, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.




Илаж усы жерде жасап атырған тәрбияланыўшылардың, көркем өнер хызметкерлериниң миллийликти өзинде жәмлеген нама ҳәм қосықлары, айтыс ҳәм ойынлары менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги