Пайтахтымызда жайласқан И.Юсупов атындағы республикалық дөретиўшилик мектебинде  талантлы  оқыўшылар көпшиликти қурайды. Олар сабақларынан жақсы баҳаларға үлгериўи менен биргеликте ҳәр қыйлы таңлаўларда қатнасып, ерискен табыслары менен көзге түспекте.

Жақында Қырғызстан республикасында болып өткен «BALA ChAK-2024» V халықаралық фестивал шеңберинде өткерилген таңлаўда мектептиң 9-класс оқыўшысы Айзада Әжиниязова бақсышылық бағдары  бойынша 2-орынды ийелеген болса, дөретиўшилик мектеплер арасында шайыр Зульфия Исраилованың 109 жыллығына арнап өткерилген «Вафо куйчиси» таңлаўында мектептиң 9-класс  оқыўшысы Гулрух Мырзамбетова 3-орынды ийеледи. Олар таңлаў шөлкемлестириўшилери тәрепинен  диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги