Қарар ҳәм оның орынланыўы

Ҳәзирги ўақытта пүткил дүньяда инсанлардың тәбиятқа унамсыз тәсири себепли қоршаған орталықта сезилерли өзгерислер жүз берип, климат өзгерислери, ҳәр қыйлы тәбийғый апатлар анық сезилмекте. Солардың қатарында, регионымыздағы экологиялық кризислердиң ең қәўиплиси есапланған Арал машқаласы жүзеге келди.

1960-жыллардан баслап, Арал теңизиниң суўы жедел түрде азайып,  көлеми әдеўир төменлеп кетти, акваториясы бир-неше есеге азайды. Оның қурып қалған ултаны әтирап-аймаққа шаң, қум-дузлы аерозолларды тарқатыў дәрегине айланып, ҳәр жылы атмосфераға 80-100 миллион тоннаға шекем шаң көтерилмекте.

Президентимиздиң басламасы менен Арал теңизи ултанынан көтерилип атырған дузлы шаңлардың ақыбетлерин азайтыў, региондағы экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде теңиздиң қурыған аймақларында жасыл қапламалар, тоғайлықларды пайда етиў бойынша 2018-жылы басланған жумыс жедел даўам етпекте.

Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 15-февральдағы «Арал теңизи суўы қурыған аймақларда жасыл қапламалар, қорғаў тоғайлықларын пайда етиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық бир қатар кең көлемли илажлар әмелге асырылып, бул илажларда елимиздиң барлық аймақларынан көмекшилер келип, ийгиликли басламаға өз үлесин қосқан еди.

Биз Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети баслығының орынбасары Ернияз Акимниязов пенен сәўбетлесип, бул жумыслар ҳаққында қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл қапламаларды пайда етиў бойынша дәслепки жыллары әмелге асырылған жумысларға тоқтап өтсеңиз.

– Өткен бес жыл даўамында Арал теңизиниң қурыған ултанында 1 миллион 755 мың гектарлық тоғайлықлар пайда етилди, яғный 17,5 мың километр квадрат майдан көклемзарластырылды.

Бул бағдардағы жумыслар басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы белгиленип, 2018-жылдың гүзги-қысқы ҳәм 2019-жылдың бәҳәрги мәўиминде 1125 мың гектар майданда жер таярлаў жумыслары алып барылды.

Шөл өсимликлериниң нәллерин жетистириў ҳәм туқымларын таярлаў жолға қойылды. Қоймаханалар шөлкемлестирилди.

Арал теңизиниң қурыған ултанындағы жәми 461 мың гектар майданда фитомелиорациялаў жумыслары әмелге асырылды. Туқымнан 445,5 мың гектар майданда, соның ишинде, самолёт жәрдеминде 326,2 мың гектарда, техника жәрдеминде 119,4 мың гектарда ҳәм 15,3 мың гектарда нәлден мәдений тоғайлықлар пайда етилди.

Бул жумысларды әмелге асырыў ушын жәми 1532 тонна шөл өсимликлериниң туқымлары таярланды. Соннан сексеўил 1459 тонна, қарабарақ 73 тонна шөл өсимликлериниң туқымлары терилип егиўге жумсалды. Усы туқымлардан Мойнақ районы турғынлары тәрепинен 273 тонна туқым қабыл етилди. Егиў жумысларына 1400 жумысшы-хызметкерлер, 500 техника ҳәм 2 дана АН-2 cамолёты қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарарларына муўапық бундай жумыслар 2019-20-21-22-жыллардағы гүзги-қысқы мәўсимлерде де шөлкемлестирилип, режеге муўапық алып барылып, жақсы нәтийжелерге ерисилди.

2019-жылғы гүзги-қысқы ҳәм 2020-жылғы бәҳәрги мәўсимде теңиздиң қурыған ултанындағы жәми 706,4 мың гектарлық майданда фитомелиорациялаў жумыслары алып барылды. Атап айтқанда, туқымнан 663,1 мың гектар майданда, соннан, самолёт жәрдеминде 496,9 мың гектарда, техника жәрдеминде 166,2 мың гектарда ҳәм 3 мың гектарда шарўа маллары ушын жайлаў ҳәм 40,2 мың гектарда нәлден мәдений тоғайлар пайда етилди.

Бул жумысларды әмелге асырыў ушын жәми 2796 тонна шөл өсимликлериниң туқымлары таярланды. Онда Мойнақ районы турғынлары белсене қатнасып, олардан 567 тонна туқым қабыл етилди. Егиў жумысларына 2500 жумысшы-хызметкерлер, 500 техника ҳәм 4 дана АН-2 cамолёты қатнасты.

Ал, 2020-жылғы гүзги-қысқы ҳәм 2021-жылғы бәҳәрги мәўсимде теңиздиң қурыған ултанындағы жәми 458,4 мың гектар майданда тоғайлықлар пайда етилди.

Соның ишинде, туқымнан 340,8 мың гектар майданда, самолёт жәрдеминде 300 мың гектарда, техника жәрдеминде 40,7 мың гектарда егилди. Сондай-ақ, бул жумысларға қосымша нәлден 12,6 мың гектар майданда ҳәм көгериўшеңлиги төмен болған тоғайлықларды толықтырыў ушын қосымша 104,9 мың гектар майданда егиў жумыслары әмелге асырылды.

Ал, 2021-жылғы гүзги-қысқы ҳәм 2022-жылғы бәҳәрги мәўсимде авиация жәрдеминде 70 мың, техника жәрдеминде 25 мың гектар жерге ҳәм 5 мың гектар жерге нәлден, жәми 100 мың гектарлық тоғай пайда етиў белгиленген еди.

Ҳақыйқатында туқымнан 102,022 мың гектар, нәлден 5,047 мың гектар, жәми 107,069 мың гектар майданда егиў жумыслары әмелге асырылды. Бул дәўирде жәми 590,3 тонна туқым таярланды. Бул тоғай-мелиоративлик жумыслар ушын 635 жумысшы, 250 дана жоқары өнимли трактор ҳәм механизмлер, 2 дана АН-2 самолёты қатнасты.

  • Бул жумыс тек Арал бойы аймағы ушын емес, ал регион ушын да әҳмийетли. Сонлықтан, сырт еллерди, халықаралық фонларды усы жумысларға тартыў, инвестиция киргизиў жумыслары қай дәрежеде әмелге асырылмақта?
  • Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында БМШ тың Раўажланыў бағдарламасы жойбары тийкарында 110 гектар майданда сексеўил нәлинен тоғайлықлар жаратыў ушын 10 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизилди.

Буннан басқа, 2023-жылы Тоғай хожалығы комитети ҳәм  GGGI (Глобаль жасыл өсиў институты) халықаралық шөлкеми арасында бирге ислесиў бойынша Меморандум дүзилди. Усы меморандум тийкарында, GGGI жойбарлары есабынан Кегейли, Шымбай, Қараөзек ҳәм Бозатаў районларында аўыл хожалығында пайдаланылатуғын атызлардың шетлерине 12 мың дана қаратал егилип, оған 14 мың 800 АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылды.

Шымбай, Қараөзек ҳәм Бозатаў районларында аўыл хожалығында пайдаланылатуғын атызлардың шетлерине 6 мың 616 дана саяманлы терек ҳәм мийўели нәлинен ихота тереклерин егиўге 20 мың  АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылды.

Тоғай хожалықларының материаллық базасын беккемлеў мақсетинде әсбап-үскенелер сатып алынып, оған 53 мың 600 АҚШ долларлық, 2023-жылы тоғай хожалықларына, жәми  98 мың 400 АҚШ долларлық инвестиция киргизилди.

 

  • 2024-жылғы режелер қандай?
  • Тоғай хожалықларына GGGI жойбары есабынан Бозатаў мәмлекетлик тоғай  хожалығында 7 гектар майданда, Қараөзек мәмлекетлик тоғай хожалығында 7 гектар майданда тамшылатып суўғарыў системасын енгизиў бойынша жәми 14 гектар майданда 28 мың АҚШ доллары, Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында БМШтың Раўажланыў бағдарламасы жойбары тийкарында 100 гектар майданда шөл өсимликлеринен тоғайлықлар жаратыў есабынан 10 мың АҚШ доллары, Бозатаў районында аўыл хожалығында пайдаланылатуғын егислик жерлердиң шетлерине  ихота тереклерин егиў есабынан 10 мың АҚШ доллары, жәми 48 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў  режелестирилмекте.

Буннан тысқары 2024-жылы Арал теңизиниң суўы қурыған ултанының «Аққум» массивинде тоғайлық пайда етиў ушын Аралды қутқарыў халықаралық фондының есабынан 760 миллион сумлық жойбар әмелге асырылады.

Сондай-ақ, Тоғай хожалықлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасында Тоғай хожалығы тараўын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тастыйықланып, 2024-жылға анық режелер белгиленди.

Соннан, тоғай фонды жерлеринде 905 гектар жер майданларын пайдаланыўға киргизиў, 3905 гектарлық пайдаланыўға киргизилетуғын тоғай фонды жерлерин ижараға бериў, тоғайлықлар ҳәм путалықлардың майданларын 50 мың 80 гектарға жеткериў, мелиорация объектлери бойында ҳәм аўыл хожалығы жерлеринде өнимдарлықты арттырыў мақсетинде самал ҳәм суў эрозияларынан қорғаў ушын 250 гектар жер майданда ихота терекликлерин пайда етиў режелестирилмекте. Соның менен бирге, 182 тонна терек ҳәм путақ туқымларын таярлаў, 19 миллион 420 мың түп терек нәллерин (соннан 1,6 млн. түп тут тереги нәллерин) жетистириў, жеке секторға тийисли субъектлер менен биргеликте шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде шарўа малларының санын 12 мың  басқа жеткериў, қусшылықты раўажландырыў мақсетинде олардың санын  201 мың 891 ге жеткериў, пал хәррешиликти раўажландырыў мақсетинде олардың санын 20 мың 700 семьяға жеткериў, 213 гектар майданда аўыл хожалығы егинлерин егиў ҳәм
2 мың 236 тонна өним таярлаў, тоғай хожалыкларында 1 мың 242 гектар майданда дәрилик ҳәм азықлық өсимликлерин егиў ҳәм 1 мың 870 тонна шийки өним таярлаў ўазыйпалары да белгиленген. Сондай-ақ, жеке секторға тийисли субъектлер менен биргеликте лимоншылықты раўажландырыў мақсетинде 1 гектар майданда ыссыхана қурыў, жәми 41,3 миллиард  сум дәрамат табыў көрсеткишлери белгилеп берилген.

Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында шөл өсимликлери туқымы ҳәм нәлинен (сексеўил, черкез, қарабарақ) 200 мың гектар майданда жасыл қапламалы қорғаўшы тоғайлықлар жаратыў жумыслары әмелге асырылады. 570 тонна шөл өсимликлериниң туқымлары териледи.

– Усы мәўсимдеги «жасыл қаплама»ларды пайда етиў илажлары қалай орынланбақта? Быйылғы жумыслар қалай шөлкемлестирилмекте?

– Арал теңизиниң қурыған ултанында 2024-жылы жәми 150-200 мың гектарлық тоғайлықларды пайда етиў режелестирилген.

2023-жылғы гүзги-қысқы мәўсимде жәми 100 мың гектар майданда жасыл қапламалар пайда етиў режелестирилген болып, ҳәзирги ўақытта жумыслар қызғын даўам етпекте.

Мәўсим басынан берли тоғай-мелиоративлик жумыслары ушын тоғай хожалықларынан 500 хызметкер, 50 жоқары өнимли трактор, 2 дана АН-2 самолёты ҳәм 2 дана делтаплан, 150 дана басқа техника ҳәм механизмлер қатнаспақта.

Тоғайлықларды жаратыў илажларын әмелге асырыў ушын 541 тонна шөл өсимликлериниң туқымлары, атап айтқанда 447,2 тонна сексеўил, 7,1 тонна қандим, 84 тонна қарабарақ ҳәм 2,7 тонна жайлаў шөл өсимликлериниң туқымы терилди. Бул таярланған шөл өсимликлеринен 268,8 тоннасы халық тәрепинен таярланды.

Бүгинги күнде 127,8 мың гектар майданда шөл өсимликлериниң туқымын ҳәм нәлин егиў жумыслары әмелге асырылды. Соннан туқымнан 121,9 мың гектар (соннан самолёт жәрдеминде 96,1 мың гектар, техника жәрдеминде 25,8 мың гектар) ҳәм нәлден 5,8 мың гектар майданда егиў жумыслары әмелге асырылды.

Усы күнге шекем 570 мың тонна шөл өсимликлериниң туқымларын таярлаў режелестирилген болып, мәўсим басынан бүгинги күнге шекем 277992 килограмм, соннан 79060 килограмм сексеўил, 198932 килограмм қарабарақ өсимликлериниң туқымлары жыйналды. Таярланған туқым ҳәм нәллер 100 мың гектар жерге егилиўи режелестирилген болып, ҳәзирги ўақытта 19840 (19,8%) гектар жерге егилди. 11240 гектар майданға техника, 8600 гектар майданға самолёт жәрдеминде егилди. Сондай-ақ, алдын егилген майданлардың алағат болып толық өспей қалған жерлерине қайта егиў жумыслары да әмелге асырылмақта. Бул жумыслар 100 мың гектар жерде әмелге асырылыўы режелестирилген болып, бүгинги күнге шекем 49235 гектар жерге қайта егилип болынды. Бул жумысларға  2 самолёт, 4 дельтаплан, тоғай хожалығынан 500 ге шамалас хызметкерлер қатнаспақта.






Усындай жумыслардың нәтийжесинде аймағымызда Арал теңизи қурыўының ақыбетлери азаймақта. Бул бағдардағы жумыслар шөлкемлескенлик пенен жедел даўам етпекте.

Сәўбетлескен: Әдилбай Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги