«Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерий хызметкерлерин социаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарарға муўапық:

Қорғаныў министрлигиниң жаўынгерлик бөлимлери ҳәм жаўынгерлик тәмийнат бөлимлериниң офицерлерине ҳәм сержантлар және әпиўайы әскерлер қурамының контракт бойынша әскерий хызметкерлерине ҳәр бир әскерий бөлимнен 10 хызметкерге шекем елимизде ислеп шығарылып атырған бюджет автотранспорт қуралларын сатып алыў ушын жеңилликли кредитлер бериледи.

Кредит шәртлери:

Мүддети – 3 айлық жеңилликли мүддет пенен 10 жыл;

Дәслепки төлем – сатып алынатуғын автотранспорт қуралы баҳасының 15 проценти;

Процентлик ставкасы – кредит берилген сәнеде жыллық 7 процент.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги