2024-жылдыӊ февраль айы пүткил дүнья бойлап қурғақлық ҳәм океанларда максимал температура рекордын жаӊалаған ҳалда еӊ ыссы ай болыўы мүмкин. Бул ҳаққында “The Guardian” газетасы бир неше илимпазларға сүйенип мағлыўмат берди.

Климатолог Максимилиано Эррераныӊ сөзлерине бола, усы айдыӊ биринши ярымында 140 мәмлекетте айлық ыссылық рекордлары жаӊаланған.

Солай етип, 5-февральдан 11-февральға шекем мониторинг станциялары Қубла Африка, Саудия Арабстаны, Таиланд, Индонезия, Қазақстан, Колумбия, Япония, Арқа Корея, Мальдив атаўлары ҳәм Белизде тарийхый температура максималларын белгиледи.

Эррераныӊ атап өтиўинше, Марокашта февраль айыныӊ бир күнинде 12 ҳаўа райы станциясы 33,9 ° С температураны көрсетти. Бул тек ғана ҳәр қандай қыс айы ушын еӊ жоқары, ал июль айындағы орташа температурадан 5 ° C жоқары.

Океан бетинен де жоқары температуралар бақланады. Даўыллар бойынша қәниге Майкл Лоуридыӊ сөзлерине бола, февраль айыныӊ орталарында Атлантика океанындағы суў июль айы орталарындағыдай жыллы болған. Қәнигениӊ қосымша етиўинше, жағдай ақылға сыймайтуғын дәрежеде.

Изертлеўшилер тәбийғый емес ыссылық Эл-Ниньо климат феномениниӊ күшли көзге тасланыўы менен байланыслы деген пикирге қосылады. Ыссыхана газлери эмиссиясы, Арқа Атлантика ағымыныӊ өзгериўшеӊлиги ҳәм ҳәттеки дүнья океаныныӊ көп бөлегин қуяш нурына тәсир ететуғын аэрозоль ҳаўасыныӊ патасланыўын азайтыўы да роль атқарады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги