«Усы жылы Қазақстан – Өзбекстан» шегарасында санаат комплексиниң қурылысы басланады». Усындай атамадағы мақала Қазақстанның «Казинформ» халықаралық мәлимлеме агентлиги сайтында жайластырылды.

Атап өтилиўинше, Қазақстанның Түркстан ҳәм Өзбекстанның Сырдәрья ўәлаятларында қурылатуғын «Орайлық Азия» санаат кооперациясының комплекси дерлик 100 гектар майданды ийелейди. Жойбарға бола, ол жерде жабық комплекс қурылады, өндирис ҳәм көтере саўда ушын қолайлы шараятлар жаратылады.

Мәлим етиўинше, 2030-жыл комплекстиң толық иске қосылыўы ҳәм коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў дәўири сыпатында белгиленген.

«Орайлық Азия санаат кооперациясы Түркстан ҳәм Сырдәрья ўәлаятларының жалпы ишки өнимин көбейтиў менен бирге, шегаралас ўәлаятларды ири логистика орайына айландырыўға хызмет етеди», – деп жазған «Казинформ» агентлиги.

Қарақалпақстан хабар агентлиги