Хожели районында сектор басшыларының қатнасыўында ашық сәўбет болып өтти. Онда Өзбекстан Стратегиялық таллаў ҳәм келешекти белгилеў жоқары мектебиниң бөлим баслығы Б.Хужанов,  Қарақалпақстан Республикасы  Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов,  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы баслығы А.Байрыева,  район ҳәкими Ж.Ермашев ҳәм бир қатар тийисли тараў ўәкиллери қатнасып, райондағы нуранийлар, жаслар менен ушырасты.







Сөзге шыққанлар Президентимиздиң басшылығында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтип, бул реформалар ҳәр бир аймақта өз нәтийжелерин көрсетип атырғанлығын атап өтти. Соның менен бирге, келешегимиз болған жасларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, олардың санасын түрли жат иллетлерден қорғаў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша  пикир-усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги