Елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўда әҳмийетли бағдарлардан бири болған бийғәрез суд ҳәкимиятын қәлиплестириў жолында избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Әсиресе, соңғы 6 жылда суд системасында оғада көп өзгерислер, жаңалықлар жүз бериўи нәтийжесинде пуқаралардың ҳуқықларының әдил судлаў арқалы қорғалыўы имканиятлары бираз артқанлығын көриўимиз мүмкин.

Көпшиликке белгили болғанындай, 2021-жылы әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде суд системасында кең көлемли институционаллық өзгерислер жүз берген еди. Солардан ең тийкарғыларын атап өтетуғын болсақ:

– ўәлаят ҳәм оған теӊлестирилген пуқаралық, жынаят ҳәм экономикалық судлардыӊ негизинде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары дүзилди;

– “бир суд – бир инстанция” принципи ен жайдырылып, оған бола, қалалық ҳәм районлық судларда ислер тек биринши басқышта, ўәлаят ҳәм оған теӊлестирилген судларда – апелляцияда, Жоқарғы судта болса – ислер кассация тәртибинде көрилди.

Әлбетте, бул реформалар нәтийжесинде судлар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыўдың сапасы жаңа басқышқа көтерилди. Лекин, соның менен бирге, айырым өзгерислерге еле таяр емес екенлигимиз, бундай өзгерислерди әмелге асырыў ушын ўақыт кереклиги, сонлықтан суд қарарларын қайта көрип шығыў институтын жетилистириў арқалы әмелдеги тәртипти қайта көрип шығыў зәрүр екенлиги анық болып қалды.

Атап айтқанда, суд инстанцияларының қысқарыўы, ақырғы шешимлерди кассация инстанциясы ретинде тек Жоқарғы судтың өзи қабыл етиўи лазымлығы пуқаралардың суд арқалы өз ҳуқықларын қорғаўында қолайсызлықлар жаратты. Себеби, айырым ислер бойынша қабыл етилген суд қарарынан наразы болған шахслар биринши ҳәм апелляция инстанциясынан кейин тиккелей Жоқарғы судқа мүрәжат етиўи, әсиресе жынаят ислери бойынша судларда, кассация инстанциясы судының ис көлемин асырып жиберди, бул болса жоқары инстанция судында ислердиң көрилиўи мүддети ҳәм сапасына өзиниң кери тәсирин тийгизди.

Бул мәселелерди шешиў жоллары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-январь күнги “Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм судлар жумысының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы ҳәм “Әдил судлаў жумысын әмелге асырыўды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманларында белгилеп берилди. Усы Пәрман бойынша Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық, сондай-ақ, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеў, судлар жумысының нәтийжелилиги ҳәм әдил судлаўдың сапасын арттырыў мақсетинде 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стратегиясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы тастыйықланды.

Сондай-ақ, Пәрман талапларынан келип шыққан ҳалда әмелдеги бес процессуаллық кодекслерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарлары таярланып, олар 2023-жылдың  сентябрь-декабрь айларында қабыл етилди ҳәм 2024-жылдың 1-январынан баслап күшке кирди.

Бул өзгерис ҳәм қосымшаларға муўапық енди суд ислерин қайта  көриўдиң орайластырылыўына шек қойылып, ислерди ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судларда апелляция яки кассация ҳәм ревизия тәртибинде көриў басқышлары ен жайдырылды. Ислер Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судында ревизия тәртибинде ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумында қайта көрилетуғын болды. Буннан тысқары, жоқары инстанция судлары тәрепинен биринши инстанция судларының бийкар етилген қарарларын жаңадан көриў ушын қайтадан сол судларға жибериў тәртиби шығарып тасланып, ҳәр бир суд инстанциясына ис бойынша ақырғы қарар шығарыў миннетлемеси жүкленди.

Соның менен бирге, бул нызамлар менен алдын судларда болмаған ревизия инстанциясы шөлкемлестирилип, бул арқалы орта буўын судлары, яғный ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлардың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, пуқаралардың Конституцияда нәзерде тутылған суд арқалы қорғалыў ҳәм судқа шағым етиў  ҳуқықларының кепилликлерин және де арттырыў мақсет етип қойылды.

Жуўмақластырып айтқанда, елимизде суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың бәршеси пуқаралардың әдил судлаўдан пайдаланыў дәрежесин арттырыўға, суд ислериниң сапалы ҳәм өз ўақтында көрилиўине, судлардың шын мәнисте бийғәрез ҳәкимият тараўына айланыўына хызмет етеди.


К.ТАРИХОВ,

Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги