Ҳәзирги ўақытта орынларда тийисли қәнигелердиң қатнасыўында жаслар тәрбиясы ҳәм қәўипсизлик мәселелерине бағышланып, руўхый-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестирилмекте.

Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 3-санлы улыўма билим бериў мектебинде руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.

Илажға нураный устаз Б.Султанов, Жоқарғы Кеңес депутаты Ш.Абдиназимов, Халық депутутлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Т.Дошекенов, ИИМ Оператив излеў хызметиниң киберқәўипсизлик бөлиминиң қәнигеси Ж.Кдырбаев, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң дин ислери бойынша қәнигеси Қ.Незаметов, Нөкис қаласы қорғаныў ислери бөлиминиң қәнигеси, резервтеги майор Д.Алламуратов, «Сәлмен ийшан» жомъе мешитиниң имам орынбасары И.Копабаев ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң қәнигеси И.Аметовлар қатнасты.


Илаж қатнасыўшылары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси, барлық тараўлардағы соңғы өзгерислер, қаламызда алып барылып атырған унамлы жумыслар, сондай-ақ, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, жаслардың китапқумарлыққа болған қызығыўшылығын арттырыў ҳаққында сөз етти.


Усындай руўхый-ағартыўшылық илаж жоқарыда көрсетилген қәнигелердиң қатнасыўында Нөкис қалалық 5-санлы шаңарақлық  поликлиникасында да шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги