Жоқарғы Кеңес баслығының Хожели районы турғынлары менен өткерилген көшпели қабыллаўында келип түскен мүрәжатларға унамлы шешим табылып, халықтың талабын қанаатландырыў  мақсетинде 44174 «Нөкис –Хожели» автомобиль жолының 8,4 километр бөлегиндеги көпирди қайта қурыў жумыслары Тақыятас районлық жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен баслап жиберилген.


Мағлыўмат орнында  атап өтиў орынлы, 2022-жылдың май айынан баслап авариялық жағдайға түсип қалғанлығы себепли бул көпир жабылған еди. Бул болса өз гезегинде автотранспорт басқарыўшыларына  қыйыншылық туўдырып келмекте.

-Жойбар баҳасы  4 144,195 мың сум болған бул қурылыс жумыслары  2023-жылдан басланып, усы жылдың март айында пайдаланыўға тапсырылыў режелестирилген,- дейди жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми Тақыятас районлық бөлиминиң баслығы У.Жумабаев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги