Республикамыз бойынша өткерилип атырған “Ҳеш бир шахс ҳүжжетсиз қалмайды” ҳуқықый акциясы шеӊберинде Шымбай районындағы Абат аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқараларға арадан 30 жыл өткеннен соӊ нызамлы некеден өткенлиги ҳаққында гүўалық тапсырылды.

Усы жылдыӊ 20-мартына шекем даўам ететуғын ҳуқықый акцияда туўылғанлығы дизимге алынбаған себепли шахсын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерге ийе болмаған, жақын туўысқаныныӊ өлими ҳаққында медициналық мәлимлемеге ийе болмағанлығы себепли юридикалық фактти белгилеў бойынша судқа мүрәжат етиў керек болған шахсларға ҳуқықый жәрдем берилип келинбекте.

Мине, усындай пуқаралардыӊ бири Шымбай районындағы Абат аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 1965-жылы туўылған Ж.Д. ҳәм 1966-жылы туўылған Ү.Ш.лар 30 жыл даўамында бирге жасап келседе, неке гүўалығына ийе болмаған. Шымбай районлық әдиллик бөлими ҳәм районлық ПҲАЖ бөлими хызметкерлери тәрепинен бул пуқараларға нызамлы некеден өткенлиги ҳаққында гүўалық тапсырылды.

Районда акция шеӊбериндеги илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги