2024-жыл 11-22-март күнлери АҚШтыӊ Нью-Йорк қаласында БМШ Ҳаял-қызлар жағдайы бойынша комиссиясы (CСW) ныӊ 68-сессиясы болып өтеди.

Онда гендер теӊлигине ерисиўди тезлестириў ҳәм кәмбағаллықты сапластырыў арқалы ҳаял-қызлардыӊ ҳуқықлары менен имканиятларын кеӊейтиўге итибар қаратылады.

Усы сессия шеӊбериндеги Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан ушын мәсләҳәтлесиўлер Ташкентте өткерилди.

Кейинги 5 жыл даўамында Өзбекстан Республикасы гендер теӊлигине ерисиў ҳәм ҳаял-қызлардыӊ ҳуқықлары менен имканиятларын кеӊейтиў бағдарында көплеген унамлы нәтийжелерге ерискенин инабатқа алған ҳалда БМШтыӊ Ҳаяллар шөлкеми Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан ушын мәсләҳәтлесиўлерди әйне Өзбекстанда өткериў усынысын алға қойғанын айтып өтиў керек.

Бул мәсләҳәтлесиўлер бүгин Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенаты БМШ Ҳаяллар шөлкеми менен биргеликте “Гендер теӊлигине ерисиўди тезлестириў ҳәм кәмбағаллықты сапластырыў, институтлар ҳәм гендерге тийисли қаржыландырыўды беккемлеў арқалы барлық ҳаял-қызлардыӊ ҳуқықлары менен имканиятларын кеӊейтиў” темасында өткерилди.

Илажда Өзбекстан, Тәжикстан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан ҳәм Әзербайжан мәмлекетлериниӊ парламент ағзалары, БМШтыӊ оннан аслам бағдарламалары, қорлары ҳәм агентликлери ҳәм гендер теӊлик ҳәм ҳаяллардыӊ экономикалық имканиятларын кеӊейтиў тәрепдары болған жеке меншик сектор ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Сенаты Баслығы, Ҳаял-қызлардыӊ жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теӊлиги ҳәм шаӊарақ мәселелери бойынша республика комиссиясы баслығы Танзила Норбоева илаж қатнасыўшыларына видео мүрәжат жоллады.

Мүрәжатта Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери ҳаял-қызларыныӊ ҳуқық, еркинликлери ҳәм мәплерин қорғаў, зорлық-зомбылық ҳәм кемситиўдиӊ алдын алыў, сондай-ақ, қарарлар қабыл етиў процесслеринде қатнасыўын тәмийинлеў бағдарында үлкен нәтийжелерге ерискени атап өтилди. Мәмлекетлеримизде гендер теӊлигин тәмийинлеў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм өзгерислер нәтийжесинде зәрүр тәжирийбе ҳәм әмелият топланды. Ҳаял-қызлардыӊ социаллық, сиясий ҳәм экономикалық турмыста толық ҳәм теӊ ҳуқықлы қатнасыўы ушын қолайлы шараят жаратылмақта. Биз мәмлекетлердиӊ барлық тараўларында ҳаяллар ҳәм еркеклер ушын теӊдей шараятларды нәзерде тутатуғын Пекин декларациясы ҳәм Ҳәрекетлер платформасы мақсетлерине ерисиўге басқышпа-басқыш бармақтамыз. Усы мақсетте Өзбекстан ҳаял-қызларды социаллық қорғаў бойынша илажларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы ис-ҳәрекетлерди даўам етиў тәрепдары, деп атап өтти Сенат Баслығы өз мүрәжатында.

Мәсләҳәтлесиўлерде регионаллық уйымлар – БМШтыӊ Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳаяллар қарым-қатнасы ҳәм басқалар қатнасты.

Илаж даўамында институтлар ҳәм гендерге тийисли қаржыландырыўды беккемлеў аспектлерин инабатқа алған ҳалда кәмбағаллық машқалаларын шешиўде тармақлараралық бирге ислесиўди сәўлелендириў, гендер теӊлигин ҳәм ҳаял-қызлардыӊ ҳуқықлары менен имканиятларын кеӊейтиўди тәмийинлеў ушын қаржыландырыўдағы үзилислерди сапластырыў, гендер теӊлиги сиясаты ҳәм бюджетлерге тәсир көрсетиў ушын потенциал ҳәм мәканды кеӊейтиў сыяқлы темаларда сөйлесиўлер шөлкемлестирилди.

Ҳақы төленбейтуғын тәрбиялаў ҳәм үй жумысларыныӊ теӊдей болмаған жүги менен гүресиў, хызмет көрсетиў жумысына өтиў ҳәм социаллық қорғаў хызметлери ҳәм системалары темаларына итибар қаратылды.

Мәсләҳәтлесиўлердиӊ жуўмағы бойынша Орайлық Азия регионы (Өзбекстан, Тәжикстан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан) ҳәм Әзербайжанныӊ CСWдыӊ 68-сессиясына үлес қосатуғын ҳәм онда қатнасыўы ушын тийкар болатуғын кеӊ көлемли мүрәжатлар, алдынғы тәжирийбе ҳәм анық усыныслар топламын өз ишине алған ҳүжжет қабыл етиледи.

Н.АБДУРАИМОВА, ӨзА