Ҳаял-қызлардың илим менен шуғылланыўына теңдей имканиятлар жаратыў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын толық тәмийинлеў мақсетинде БМШ Бас Ассамблeясы тәрепинен қабыл етилген «Раўажланыў» мақсетлериндеги илим, техника ҳәм инновациялар» ҳаққындағы резолюцияда 11-февраль – Халықаралық илим тараўындағы ҳаял-қызлар күни деп жәрияланған.  

Бул сәне ҳаяллар ҳәм қызлардың илимге толық ҳәм тең кириўи ҳәм қатнасыўын хошаметлеў ушын және бир имканият болып есапланады. Илим ҳәм гендер теңлиги турақлы раўажланыўға ерисиў ушын жүдә әҳмийетли. Усы сәнениң белгилениўи Турақлы раўажланыў бойынша 2030-жылға шекем мөлшерленген күн тәртибин әмелге асырыўдағы гезектеги әҳмийетли қәдем болды.

Турақлы раўажланыў жолындағы ең үлкен машқалаларды шешиў саламатлықты жақсылаўжан баслап, климат өзгериўине қарсы гүресиўине шекем – илим тараўындағы жетик қәбилетлилерге сүйенеди. Сол себепли, ҳаял-қызларды илим тараўларына және де көбирек қамтып алыў әҳмийетли мәселе болып есапланады. Изертлеўлердиң ҳәр түрлилиги қәбилетли изертлеўшилер қатарын кеңейтеди, жаңа перспективалар, қәбилет ҳәм дөретиўшиликти келтирип шығарады.

Усы сәне мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Илимлер академиясы, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Абдулла Қадирий атындағы Президент дөретиўшилик мектеби, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети менен биргеликте «Турақлы раўажланыў: илим ҳәм бизнесте ҳаял­-қызлар басламалары» IV халықаралық конференциясы болып өтти.

Бул әнжуман дәстүрий тәризде бир неше жыллардан берли өткерилмекте. Быйылғы конференцияға да 200 ге шамалас мақала келип түсип, әнжуман материаллары топлам болып басып шығарылды. Ҳәр бир мақалаға DOI саны берилип, мақалалар Google Scholar, «Cyberleninka», «archive.org» сыяқлы базаларда индексленди.

Илажда Бангладеш, Түркия, Қытай Халық Республикасы, Ҳиндстан, Корея сыяқлы сырт еллердиң бирге ислесиўши ЖООлары ҳәм илимий-изертлеў институтлары ўәкиллери де өз баянаты менен қатнасты.

Өткен дәўирде дүнья жәмийетшилиги ҳаял-қызларды илимге қамтып алыў бойынша сезилерли жеңислерге ерисилгенлигин атап өтиў керек. Турмыстың барлық тараўларында ҳаял-қызлардың имканиятларын кеңейтиў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, олардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстағы, ролин күшейтиў әйне ўақытта Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының да әҳмийетли ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

Конференцияда усы жылы Гендер теңликке ерисиў стратегиясын әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы да көрип шығылды. Онда ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын теңдей ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеўге қаратылған нызамшылық тийкарларын жетилистириў, ҳаял-қызларда илимий ҳәм стартап идеяларын жүзеге шығарыў көнликпелерин қәлиплестириў, оларды илимий-инновациялық жумысқа кеңнен тартыў сыяқлы мәселелер додаланды.

Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,
ӨзА хабаршысы