Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 3-июльдағы ПҚ-200-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде,  Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Спорт министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң шөлкемлестириўи «Денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында үзликсиз кәсиплик билимлендириў системасының заманагөй жағдайы ҳәм раўажландырыў жоллары» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция өз жумысын баслады.

Оған мәмлекетимиздеги жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий орайлардан тысқары, Россия, Беларусь, Қазақстан, Япония, Түркия ҳәм Қырғыз Республикаларынан белгили илимпазлар, қәнигелер,  илим жолына түскен жас изертлеўшилер, спортшылар қатнаспақта.

Әнжуманның ашылыў салтанатында Өзбекстан Республикасы  Спорт министриниң орынбасары Ш.Маҳмудов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов, Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша  қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институты ректоры И.Турсыналиев, Перм социаллық-педагогикалық университетиниң ректоры К.Егоров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде ҳәм дүнья жүзинде спортты раўажландырыў ҳәм оның ғалабалығына ерисиў бойынша исленип атырған жумыслар, илимий изленислер ҳәм олардың унамлы нәтийжелери ҳаққында кең түрде айтып өтип, конференцияның ашылыўы менен қутлықлады ҳәм оның жумысына табыслар тиледи.

Буннан соң әнжуман белгили илимпазлар, спорт қәнигелериниң илимий баянатлары менен мазмунлы даўам етти.

Конференция өз жумысын даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги