Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы Баспасөз хызметиниң хабар етиўиншге Федерация тәрепинен алып барылған илажлар нәтийжесинде Пуқара А.Мирзаназаровтың базардан сатып алған экраны насаз шыққанлығы себепли ақшасы қарыйдардың өзине қайтарылған. Сондай-ақ, Төрткүл районында жасаўшы пуқара Э.Урақбаев та «Жемеген самсасына пул төлеў»ден қутылған.

Атап айтқанда:

Усы жылдың 13-июнь күни Алпысбаев көшеси номерсиз жайда жасаўшы А.Мирзаназаров Шымбай районы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине жазба түрдеги арза менен мүрәжат етти. Мүражатта көрсетилиўинше, А.Мырзаназаров дийқан базарында жеке исбилермен «Т.А»ға 5800 (бес мың сегиз жүз) сум нақ ақша төлеп, телефонына экран қойдырған. Бирақ, жаңа қойылған экран ислемей қалған. Уста ҳәр түрли сылтаўларды айтып тутыныўшының гәплерин тыңламаған. Усы ис бойынша үйрениў жумыслары алып барылғанда, жеке исбилермен 5800 сум чек бермегени, ҳәттеки терминал ҳәм касса аппараты менен тәмийинленбестен саўда тәртибин бузып атырғанлығы анықланды ҳәм қатаң ескертилди. Тутыныўшы А.Мирзаназаровқа тийисли суммасы қайтарып берилип, мүрәжаты қанаатландырылды.

***

Төрткүл районы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине Төркүл районы О.Худойшукуров көшеси 25-жайда жасаўшы Урақбаев Эрмахан мүрәжат еткен. Төрткүл районы Уллыбағ АПЖ елаты Уллыбағ 2/37 жайда жасаўшы Урақбаев Эрмаханның баласы Урақбаев Улығбек 2013-жылы  қурылып питкерилген жаңа үлги жойбардағы турақ жайға 2016-жыл көшип өткен. Усы жайға ишимлик суўы тартылмаған болса да Төрткүл районы суў тармақлары кәрханасы тәрепинен  650196 сум көлеминде ишимлик суўы ушын қарыздарлық белгиленген.

Жәмийет тәрепинен усы мүрәжат нызамлы тәртипте үйренилди ҳәм нәтийжеде тутыныўшының жайына район суў тармақлары тәрепинен қойылған тийкарсыз қарыздарлық алып тасланды. Мүрәжат тутыныўшының пайдасына шешилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги