Республикамыз аймағында Арал теңизи машқалаларының пайда болғанына ярым әсирден аслам ўақыт болған болса, бул жыллар ишинде теңиз өз жағалаўынан 250-300 километр аралыққа шегинди. Буның ақыбетинде теңиз ултанынан көтерилген дузлы шаң-тозаңлар көплеген жерлерге жетип бармақта. Бул жағдайлар регионымызда экологиялық аўыр жағдайларды келтирип шығарыўы менен бирге халқымыздың саламатлығына өзиниң унамсыз тәсирин тийгизип келмекте.
Толқынлары аспан менен таласып, толып-тасып турған теңизимиздиң тәғдири бүгинги күнде аянышлы жағдайға келип қалғанлығы бәршемизди тәшўишке салады. Әсиресе, теңиздиң сол бурқасынлаған дәўирлери, ондағы ҳәр қыйлы балық ҳәм қуслардың түрлери, кемелерге минип балық аўлап жүрген балықшылар, консерва заводындағы қызғын жумыс барыслары сүўретленген художниклердиң картиналары менен сүўретлерди көргенимизде тап ертеклер әлемине кирип алғандай боламыз. Лекин, бул тарийх бетлерине мөрленип қалған Ана тәбиятымыздың өтмиштеги ҳақыйқый көринислери болып, биз Арал теңизиниң көринисин усындай естеликлер арқалы көз алдымызға келтиремиз.
7-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде «Арал тәғдири-халық тәғдири» атамасында көргизбе шөлкемлестирилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Арал бойы регионын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети баслығының орынбасары Б. Матмуратов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Л.Сейтова, Қарақалпақстан Республикасы туризм басқармасы баслығы Г. Изентаева, Өзбекстан экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы А.Бегимова ҳәм студент жаслар қатнасты.
Көргизбеде музей фондында сақланып атырған бир қанша экспонатлар экспозицияға қойылды. Солардың қатарында Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем-өнер ғайратери, атақлы художник Рафаэль Матевосянның Арал теңизи өтмишин сәўлелендириўши картиналары орын алған. Мағлыўмат сыпатында айтып өтетуғын болсақ, Матевосян 1962-жылы дөретиўшилик сапары менен Қарақалпақстанға келип, Әмиўдәрья, Арал теңизи ҳәм Мойнақ балықшыларының турмыс тәризи менен жақыннан танысады. Сол дәўирлерден баслап художниктиң өмири ҳәм дөретиўшилик жумыслары Арал теңизи ҳәм Мойнақ балықшыларының турмыс тәризи менен байланыслы болған.
Илажда сөзге шыққанлар мәмлекетимиз басшысы Ш.М. Мирзиёев тәрепинен Арал теңизи апатшылығын сапластырыў ҳәм экологиялық жақтан жәбир көрип атырыған халқымыздың саламатлығы ҳәм турмыс жағдайын жасылаўға қаратылған бир қанша қарарлардың қабыл етилгенлиги ҳәм бул бойынша елимизде кең көлемли жумыслар исленип атырғанлығы ҳаққында айтып өтип, жасларды Ана тәбиятты қорғаўға өз үлеслерин қосыўға шықырды.
Буннан соң Арал теңизиниң толып тасып турған дәўири, 1953-жылы түсирилген ҳүжжетли фильм қатнасыўшыларға қойып берилди.
-Биз бүгинги көргизбеден үлкен тәсирлер алдық. Художниктиң картиналары инсанды ериксиз өтмишке шарлайды. Биз жаслар теңиздиң толып-тасып турған дәўирлерин көрмегенбиз. Суўретлерде ҳәм фильмлерде көрип жүргенлеримиз келешекте ҳақыйқатқа айланыўын тилеймиз,-дейди ҚМУ дың география факультети, геодезия бөлиминиң 2-курс студенти Д.Имамаликова.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги