Бизнес ҳәм кәсип-өнерге оқытыў бағдарында устаханалар қурылып, жоқары айлықлы Кәсиплик билимлендириў устасы лаўазымы енгизиледи.
2-февраль күни улыўма орта билимлендириў орынлары оқыўшыларын шет тиллери ҳәм кәсиплерге оқытыў бойынша қосымша президент қарары қабыл етилди.
Ҳүжжет пенен, мектеплердиң 10-11-классларында басланғыш оқыў режеси тийкарында оқытыў жолға қойылады. Билимлендириў бағдарламалары 2024-2025-оқыў жылынан басқышпа-басқыш тәжирийбе-сынақ тәризинде әмелге асырылады.
Онда «Пәнлерди тереңлестирип оқытыў» бағдарында оқыў процесин шөлкемлестириўде тийкарғы итибар анық, тәбийғый яки шет тиллери пәнлерине қаратылады. «Бизнес ҳәм кәсип-өнерге оқытыў» бағдары шеңберинде болса оқыўшылар жумысшы яки санлы технологияларға тийисли кәсиплерге оқытылады.
2024−2025-оқыў жылынан басқышпа-басқыш мектеплерде шет тиллерди оқытыўдың жаңа тәртиби енгизиледи. Тийкарынан, 5−9-класс оқыўшыларда базалық билим ҳәм ораторлық көнликпелер қәлиплестириледи.
Мектеплердиң бос орынлары, «20 мың исбилермен – 500 мың маман қәнигелик» бағдарламасы қатнасыўшыларына әмелий монорайды шөлкемлестириў ҳәм соңынан оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыўға ажыратылады. Онда имаратларды тиккелей шәртнама тийкарында бийпул пайдаланыўға бериўге рухсат етиледи.
Кейинги оқыў жылынан баслап шет тиллери бағдарлары бойынша педагогларды таярлайтуғын мәмлекетлик ЖОО студентлериниң мектеплерде педагогикалық әмелияты жолға қойылады.
Гүлбахар Ембергенова,
1-санлы кәсип-өнер мектеби
Ислеп шығарыў тәлим устасы
Қарақалпақстан хабар агентлиги