Сенаттыӊ Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниӊ мәжилисинде “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама жойбары додаланды.

Мәжилисте жойбардағы бир қатар мақсетлерге ерисиў бойынша тийисли усыныслар додаланды ҳәм пикир-усыныслар билдирилди.

Атап айтқанда, коррупцияға қарсы гүресиў тараўында келешекте әмелге асырылыўы керек болған реформаларды ҳәм ўазыйпаларды нәзерде тутыўшы Коррупцияға қарсы гүресиў Стратегиясын қабыл етиў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, коррупцияға қарсы ишки қадағалаў структуралары басшыларын ашық таӊлаў тийкарында жумысқа қабыл етиўде Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен бирге Жәмийетшилик кеӊеси менен де келисиў, олардыӊ жумысын турақлы түрде баҳалап барыў сыяқлы усыныслар берилди.

Додалаўлар процесинде тәреплерди келистириўге ерисиў арқалы келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў ҳәм судларда ис көлемин азайтыў мақсетинде медиация институтыныӊ ролин түпкиликли арттырыў бойынша пикирлер билдирилди.

Онда, исбилерменлик субъектлери арасында дүзилген шәртнамаларды зәрүр дәрежеде орынламаў нәтийжесинде келип шығатуғын келиспеўшиликлерди дәслеп судқа шекем медиация тәртибинде шешиўдиӊ мәжбүрий екенин белгилеў мақсетке муўапық.

Медиатив келисимге ерисилген тәреплер жағынан келисим шәртлерин келисимли түрде орынламаған жағдайда оны мәжбүрий тәртипте орынлаўға қаратыўды белгилеўди нәзерде тутыў зәрүр.

Бул усыныс ҳәм пикирлер Мәмлекетлик бағдарламаға киргизилиўи ушын усынылатуғыны мәлим етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА