Өзбекстан Республикасында 2018-жылы жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен “Жылдың ең белсенди жас қәнигеси” таңлаўының ҳәр қыйлы номинациялары бойынша республикамиздың барлық аймақларында усы жылдың апрель-май айларында биринши ҳәм екинши басқышлары өткерилип, онда 1000 ға шамалас жас қәнигелер қатнасты.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында усы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын салтанатлы түрде сыйлықлаў мәресими өткерилип, оған таңлаўдың жеңимпазлары, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм кәсиплеслери, сондай-ақ, кәсиплик аўқамлары қалалық ҳәм районлық кеңесиниң баслықлары, кәсиплик аўқамлары тараўлық жуўаплы шөлкемлестириўшилери, 400 ге шамалас жаслар тамашагөй сыпатында қатнасты.

Сыйлықлаў мәресиминде таңлаў жеңимпазлары тәрепинен  таярланған өз кәсибин ҳәм ерискен жетискенликлерин сәўлелендириўши материаллары, мийнет қураллары ҳәм қолланбаларының көргизбеси шөлкемлестирилди.

Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышының:

            «Жылдың ең белсенди жас илимпазы»

            «Жылдың ең белсенди жас ишки ислер хызметкери»

           «Жылдың ең белсенди жас фермери»

           «Жылдың ең белсенди жас шыпакери»

           «Жылдың ең белсенди жас тәрбияшысы»

           «Жылдың ең белсенди жас транспортшысы»

           «Жылдың ең белсенди жас банк хызметкери»

           «Жылдың ең белсенди жас қурылысшысы»

           «Жылдың ең белсенди жас жипекшилик санааты хызметкери»

номинациялары жеңимпазларына Ѳзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шѳлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен естелик саўғалары ҳәм дипломлар салтанатлы түрде тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги