Кеше Қатар мәмлекетинде өткерилип атырған футбол бойынша Азия кубогинде 1/8 финал ойынлары шеңберинде еки ойын болып өтти.

Олардың биринде Иордания сайланды командасы Ирак пенен ушырасты ҳәм өз қарсыласын 3:2 есабында жеңип шығыўға миясар болды. Атап айтқанда, иорданиялы Язан ал-Наймат ойындағы есапты ашқан болса, 68-минутта Саан Натиқ, 76-минутта Айман Ҳуссейнлер Иордания дәрўазасын анық нышанға алып, ираклы футбол жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи.

Бирақ, ираклы футболшы Айман Ҳуссейн өз голын нышанлаў ўақтында Иордания миллий тағамын жеп атырғандай етип көрсеткени ушын ойын төрешиси оны екинши сары карточка менен жазалады.  Екинши таймға қосып берилген ўақыттың 5 минутында иорданиялы Язан Алараб есапты теңлестириўге миясар болды. Арадан 2 минут өткенде ал-Рашдан және бир мәрте Ирак дәрўазасын анық нышанға алып, өз командасына шерек финал жолламасын алып берди.

Ал, Қатар ҳәм Палестина сайланды командалары арасында болып өткен екинши ойында болса, майдан ийелери өз қарсыласларын 2:1 есабында қыйыншылық пенен жеңип шығыўға еристи. Ушырасыўдың 37-минутында палестиналы Одай Даббаг өз шеберлигин көрсетип есапты ашқан болса, биринши тайм соңында  Ҳассан ал Ҳайдос қатарлыларды қуўанышқа бөледи.

Екинши таймның басында Акрам Афиф Палестина дәрўазасына белгиленген пенальтиди анық әмелге асырып, өз командасын есапта алдынға алып шықты.

Қалған минутларда болса, есап өзгерместен қалды.

Бүгин Азия кубогинде қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы Таиланд пенен ушырасады ҳәм бул ойын Ташкент ўақты менен саат 16:30 да басланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлги шолыўшысы