Халқымыздың өтмиштен бүгинги күнге шекем сақланып келген бийбаҳа тарийхый естеликлерин сақлаўда, әлбетте, пидәкер археолог алымларымыздың орны айрықша гиреўли. Усындай әдиўли устаз-археолог Мырзалы Туребековтың 70 жыллық юбилейине бағышланып Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ тарийх факультетинде «ҚУБЛА АРАЛ БОЙЫ ТАРИЙХЫ ҲƏМ АРХЕОЛОГИЯСЫ: ИЗЕРТЛЕЎЛЕР, ИЗЛЕНИЎЛЕР» атамасында  илимий-əмелий семинар шөлкемлестирилип, оған илимпаздың жақынлары, кәсиплеслери, шәкиртлери ҳәм бир қатар илимпазлар қатнасты.

Қарақалпақстанда илимниң жаңа тараўы болған археология илими мектебиниӊ қəлиплесиўинде пидәкерли мийнет еткен көрнекли илимпазлар Б.Сайпанов, М.Ш., Қдырниязов, О. Юсупов, Ғ. Хожаниязовлардыӊ қатарына 1970-жыллары М. Туребеков келип қосылады.

50 жылға шамалас ɵмирин археология илимине бағышлаған Мырзалы Туребеков илим ҳəм билимлендириў тараўында жемисли мийнет етип, 150 ден аслам илимий макалалар, окыў қолланбалары ҳəм сабақлықлар жазып қалдырды.

Мырзалы Туребеков университет илим ҳәм билимлендириў тараўында жас әўладты ана Ўатанға садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятлар руўхында жоқары билимли етип тәрбиялаўда өзиниң қосқан мүнәсип үлеслери, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислеринде белсендилик көрсетип, пидайылық пенен алып барған хызметлери ушын 2020-жыл 1-октябрь “Муғаллимлер ҳəм устазлар” күни мүнəсибети менен “Меҳр – саховат” кɵкирек белгиси менен сыйлықланады.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанда археология ҳәм тарийх илимлериниң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў басқышларында салмақлы үлес қосқан, Қарақалпақстанның материаллық мәденияты, бийбаҳа археологиялық объектлерин 50 жылдан аслам ўақыт даўамында турақлы, хармай-талмай мийнет еткен, миллий мәдениятымыздың пидайысы болған археолог илимпаз Мырзалы Туребековтың илимий изертлеўлердеги мәртлик ҳәм мәнаўий хызметлери келешек жасларға үлги ҳәм мақтаныш болады.

Илажда шығып сөйлегенлер, белгили илимпаз, тәжирийбели устаз, марҳум Мырзалы Туребековтыӊ инсаныйлық пазыйлети, пидайылығы, мийнеткешлиги, жоқары дәрежедеги илимий ҳәм сиясий билими, жасларға тəлим-тəрбия бериўдеги пидайылығы университет жəмəəти арасында үлкен абырайға ерискени ҳаққында кеӊ түрде сөз етти.

Сондай-ақ, марҳум илимпаздыӊ мийнетлери жоқары баҳаланып, оныӊ өмир жолы, илим тараўындағы жетискенликлери жасларға үлги етип көрсетилди.

 

 

А.Азатов,

ҚМУ Археология кафедрасыныӊ оқытыўшысы,

Қарақалпақстан хабар агентлиги