Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен студентжаслар арасында өткерилген таңлаўлардың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы З.Реймова, институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров, усы институттың коррупцияға қарсы гүресиў «Комплаенс-қадағалаў» системасын басқарыў бөлиминиң баслығы П.Хожабековлар шығып сөйлеп, бул иллетке қарсы гүресиў, жоқары билимлендириўди коррупциядан жырақ тараўға айландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.


Атап өтилгениндей, бүгинги күнде коррупция машқаласы дүньяның ҳәр бир мәмлекетинде ушырасатуғын, халықаралық көлемде трансмиллий жынаят сыпатында кең түрде додаланып атырған мәселелердиң бири болып табылады. Бул иллет мәмлекетлердиң барлық тараўларына, атап айтқанда, сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений бағдарларда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм мәмлекеттиң халықаралық майдандағы имиджи және инвестициялық тартымлылығына кери тәсир етеди.

Президентимиз өзиниң шығып сөйлеўлеринде усы мәселеге айрықша тоқтап: “Жәмийетимизде коррупция иллети өзиниң түрли көринислери менен раўажланыўымызға тосқынлық етпекте. Бул иллеттиң алдын алмасақ, ҳақыйқый исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жаратып болмайды, улыўма жәмийеттиң ҳеш бир тараўы раўажланбайды”, – деп атап өткенлиги ҳәр биримиз ушын коррупцияға қарсы гүресиўдиң қаншелли әҳмийетли екенлигин көрсетип турады.

Елимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында кең көлемли жумыслардың жолға қойылыўы, әсиресе, усы мәселеге байланыслы нызамшылықтың жетилистирилип, ҳәр бир тараўда комплаенс-қадағалаўдың енгизилиўи унамлы нәтийжесин бермекте. Әлбетте, бундай жағдайлар коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы нәтийжелиликти буннан былай да арттырыў, халқымыз, әсиресе, жаслар арасында үгит-нәсият ҳәм түсиндириў жумысларын алып барып, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўди талап етеди.

Институтта өткерилген таңлаўлар да жасларда коррупция ҳаққындағы түсиниклерди пайда етип, оның ақыбетлери, келешеги ушын зыянлы тәреплеринен жуўмақ шығарып, әтирапында жүз берип атырған усындай жағдайларға бийпәрўа болмаўына тийкар жаратыўға хызмет етеди.

– Видеороликлер, сүўретлеў өнери, шығармалар ҳәм қосықлар жазыў бойынша таңлаўларға улыўма 2 мыңнан аслам дөретиўшилик жумыс келип түсти.,-дейди  Коррупцияға қарсы гүресиў «Комплаенс қадғалаў» системасын басқарыў бɵлиминиң баслығы Палмурза Хожабеков.-Бул өткен жылғы таңлаўға келип түскен жумыслардан дерлик 3 есеге көп. Усындай таңлаўлар арқалы жасларымыздың ҳуқықый билимин, бул иллеттиң унамсыз ақыбетлерине болған көз-қарасын жетилистирип барсақ ғана дийдиленген мақсетимизге ерисемиз.

Келип түскен дөретиўшилик жумыслар тараўлардың қәнигелери ҳәм төрешилер қурамы ағзалары тәрепинен әдил баҳаланып, сыйлы орын ийелери анықланды. Жеңимпазларға институт ректораты ҳәм кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен таярланған саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды. Соның менен бирге, коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында белсендилик көрсетип киятырған факультет деканатлары ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар, тьюторлар ҳәм бөлимлердиң қәнигелери де хошаметленди.



Қарақалпақстан хабар агентлиги