Қарақалпақстан Республикасы Игорь Витальевич Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи – республикадағы ең ири музейлерден болып есапланады. Бул музей Нөкис қаласында 1966-жылы шөлкемлестирилип, 1984-жылдан И.В.Савицкийдиң аты менен атала баслады.

Музей И.В.Савицкийдиң жанкүйерлиги, тынымсыз мийнети арқалы топланған қарақалпақ халқының әмелий көркем өнери дөретпелериниң тийкарында шөлкемлестирилген. Музейдиң улыўма майданы 6,9 мың квадрат метр болып, онда халық әмелий көркем өнери, орта әсирлердеги Хорезм көркем өнери, 1920-1930 жыллардағы өзбек, рус сүўретлеў көркем өнери, қарақалпақ халқының заманагөй көркем сүўретлеў өнери ҳәм мүсиншилиги, илимий-ағартыўшылық бөлимлер, 10 мыңнан аслам шығармаға ийе китапхана, фонд ҳәм оңлаў устаханасына ийе.

Музей фонды 85 мыңнан аслам экспонатқа ийе. Онда 1920-1930-жылларда авангард художниклер тәрепинен сызылған дөретпелер топланған. Сондай-ақ, қарақалпақ халық усталары тәрепинен исленген зергерлик буйымлары, ағаштан ойып исленген буйымлар, кестешилик, тоқымашылық, әсиресе, қара үй буйымлары ҳәм басқа да дөретпелер әмелий көркем өнер бөлиминде жәмленген.

Ески Хорезм көркем өнери бөлими ҳәзирги ўақытлары да археологиялық топарлар тәрепинен табылып атырған табылмалардың есабынан байымақта.

Сүўретлер көркем өнери бөлиминиң топламы, әсиресе, көп қырлы топламларды, Қарақалпақcтан художниклери И.Савицкий, Қ.Сайпов, Ж.Қуттымуратов, Д.Төрениязов ҳәм басқалардың, Орта Азия сүўретшилериниң кексе әўлады ўәкиллери А.Волков, М.Курзин, А.Николаев (Уста Мумин), Н.Қарахан, Ў.Таңсықбаев ҳәм басқалардың үлкен әҳмийетке ийе дөретпелери қурайды. Сондай-ақ, 1920-1930-жылларда дөретиўшилик пенен шуғылланған рус художниклери А.Шевченко, Р.Фальк, В.Мухина, И.Грабарьдың шығармалары менен бирге, дөретиўшилиги еле үйренилмеген Р.Мазель, К.Редько, А.Сафронов ҳәм басқалардың да дөретпелери қойылған.






Музей 1970-жыллардан баслап республика ҳәм сырт еллердеги (АҚШ, Франция, Германия, Италия, Япония, Россия ҳәм басқа да мәмлекетлердеги) көргизбелерде қатнасып келмекте.

– Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи республикамыздағы ең белгили туризм орайы болып есапланады,   дүнья жүзинде белгили музейлердиң бири, өзиниң ылайықлы орнын ийелеп келмекте,-дейди усы музейдиң директоры Тигран Мкртычев.

Өткен 2023-жылы музейимизди 78186 мийман тамашалаған болса, солардың 64993 и жергиликли саяхатшылар болса,  13193 сырт елли саяхатшылар қурайды.

Музейде туризм имканиятларын кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында жыл даўамында бир қатар әмелий жумыслар исленди. Көплеген мәдений илажлар, белгили инсанлар менен ушырасыўлар, конференциялар, халқымыздың үрп-әдети ҳәм салт-дәстүрлерине байланыслы илажлар, шеберлик сабақлары, көргизбелер өткерилди. Әлбетте, бундай илажларды сырт ел саяхатшылары да келип көриў имканиятына ийе ҳәм олардың халқымыздың мәдениятына   қызығыўшылығы артпақта.

Өткен жылы Ташкент қаласында болып өткен Германия -Өзбекстан форумында Қарақалпақстанның туризм имканиятлары ҳаққында презентация өткерилди.

Және бир жақсы жаңалықларымыздың бири бул музейдиң Францияның Париж қаласында жайласқан Араб дүньясы институтында «Самарқандқа қарай жол. Жипек ҳәм алтын дүрданалары» атамасында болып өткен көргизбени мақтаныш етип айтсақ болады. Бул көргизбеде музейден 23 буйым қойылды.

Президентимиз Ш.Мирзиёев Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық  кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде, музейлердиң жумысын жетилистириў бойынша жети жыллық бағдарлама қабыл етилип, тарийх ҳәм көркем өнер музейиниң жаңа имаратларының қурылатуғынлығы, Темурийлер тарийхы ҳәм Тәбият музейлериниң экспозициясы жаңаланатуғынлығы, Әлийшер Наўайы атындағы Әдебият музейиниң капитал оңланатуғынлығын атап өткен еди.

Буннан тысқары, музейлеримизде, атап айтқанда, Ислам цивилизациясы орайында Биринши ҳәм Екинши Ренессанс, мәмлекетшилик тарийхы ҳәм уллы ойшыллардың ислери бойынша жаңа экспозициялар шөлкемлестирилетуғынлығы, Франция менен бирге ислесиўде Миллий реставрация орайының жумысы жолға қойылатуғынлығы, Муқаддес китап – Усман Қураны бетлери консервация ҳәм реставрацияланатуғынлығы,  елимиздиң әййемги тарийхына бағышланған 18 археологиялық естелик ашық аспан астындағы музейге айландырылатуғынлығы атап өтилди.

Халқымыздың ең әҳмийетли руўхый азығы топланған музейлерге  итибардың еле де күшейтилиўи, ески мийрасларымыздың халықтың руўхый дүньясын арттырыўда, әсиресе, өсип киятырған жас әўладты тәрбиялаўдағы әҳмийетин есапқа алсақ, бул умтылыслар, әлбетте, усы бағдардағы жумыслардың еле де жанланыўына үлкен түртки береди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги