Елимиздиң өтмиш тарийхы, мәденияты, тәбияты, этнографиясы ҳәм уллы тулғаларының өмири менен дөретиўшилигин пүткил дүнья жүзине, соның ишинде халқымызға, әсиресе, өсип киятырған жас әўладқа танытыўда республикамызда жумыс алып барып атырған музейлердиң тутқан орны айрықша.

Тек ғана Өзбекстанда емес ал, Орта Азиядағы ең дәслепки музейлердиң бири болған Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи 1929-жылы өзиниң туңғыш көргизбесин сол ўақыттағы республикамыздың пайтахты болған Төрткүл қаласында шөлкемлестирген. Соңынан музей 1944-жылы Әмиўдәрья суўының тасыўы себепли,  Нөкис қаласына көширилген.

Өзиниң жумысын онлаған экспонат пенен баслаған музей коллекциясы, бүгинги күнге келип 83 мыңнан асты,-дейди бизге музей директоры Айжамал Юсупова- Соннан 400 ден асламы сийрек гезлесетуғын уникал экспонатлар болып есапланады. Музей экспозиция залы, «тәбият», «археология», «этнография» ҳәм «жаңа тарийх»  бөлимлеринен ибарат. Музей фондында халқымыз өтмишин сәўлелендириўши зергерлик, археология, өнерментшилик , халық қол өнери, тәбият ҳәм  республикамыздың XX әсирине тийисли болған мағлыўматлар, көркем өнердиң раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосқан елимиздиң белгили художниклериниң дөретпелери, улыӯма айтқанда, жәми 84 мыңға   жақын экспонатлар сақланбақта.

Халқымыздың тарийхы, мәденияты ҳәм көркем өнер дөретпелерин өзинде жәмлеген ҳәм 90 жылдан аслам бийминнет хызмет көрсетип киятырған Қарақалпақстан Республикасы үлкетаныў музейине Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 11-декабрдеги «2017-2018-жылларда мәмлекетлик музейлердиң жумысын жетилистириў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша комплекс илажлар бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қарақалпақстан  Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи аты берилди ҳәм Мойнақ районында «Экология» ҳәм  «Арал теңизи тарийхы» музейи, Елликқала районында  «Археология» музейи филиаллары  шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Президент қарары тийкарында 2019-жылы Нөкис қаласының орайынан еки қабаттан ибарат усы музейдиң жаңа имараты қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Музейимиз коллекциясында палеолит дәӯиринен баслап, орта әсирлерге тийисли экспонатлар, сарай үстинлери, оссуарийлер, нумизматикалық буйымлар, үлкемизде жасаған ҳәм соңғы жыллары «Қызыл китап»қа киргизилген ҳайўанатлар ҳәм қуслар дүньясы, елимизге белгили художниклер Қ.Бердимуратов, Ф.Мадгазин, Р.Матевосян, А.Сейтимбетов, С.Байбосынов, Б.Айтмуратов, Б.Серекеев, Г.Абдурахманова, И.Жолымбетов, З.Сайыпов ҳәм де басқалардың дөреткен дөретпелери халқымыз нәзерине усынылмақта,-дейди директор Айжамал Юсупова.- Сондай-ақ, 19-әсирде жасаған халқымыздың батыры Ерназар алакөздиң дойыры, Бердақ шайырдың қызы Ҳүрлиман бақсының шерткен дуўтары, Қыяс жыраў Қайратдиновтың қобызы, атақлы илимпаз Қаллы Айымбетовтың қол жазбалары, елимизге белгили актёр Қуўатбай Әбдиреймов, палўан Сатыпалды Мылтықбаевлардың фотосүўретлери, диплом, кубок ҳәм медалллары сақланбақта.

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 27-майдағы 261-санлы  «Музейлер тараӯындағы жумысларды еле де раӯажландырыӯ ҳаққында»ғы қарары тийкарында, музейлерде кейинги ӯақытлары үлкен жумыслар алып барылып атыр. Бул қарар бир неше баптан ибарат болып, музейде ислениӯ керек болған ҳәмме жумысларды ѳзине қамтыған. Атап айтқанда, қарарда музейлерди реконструкциялаӯ, экспонатлар санын еле де кѳбейтиӯ ушын қаржылар ажыратыӯ, шет еллерде кѳргизбе шѳлкемлестириӯ, музейдиң ишинен музей-кафе ҳәм музей-дүкән ашыӯ, ѳнерментлер менен биргеликте жумыслар алып барыӯ, мастер-класслар ѳткериӯ белгиленген. Усы қарар тийкарында музейимиз 2022-жылы Қазақстан Республикасының Алматы қаласындағы Орайлық музейине 150 экспонаты менен кѳргизбеде қатнасып келди. Сондай-ақ, Францияның пайтахты Париж қаласындағы Ѳзбекстаннын бир неше музейлери қатарында кѳргизбеде қатнасты. Бул жерде кѳргизбе Лувр музейинде ҳәм Араб дүньясы институтында  болып ѳтти. Буннан тысқары, музейимиз кѳплеген жойбарларда өзиниң презентациясы менен қатнасып келмекте. Алдағы ўақытлары сырт еллерде жайласқан музейлер менен бирге ислесиўди еле де даўам еттириў нийетиндемиз ҳәм бул бағдарда жумысларды алып бармақтамыз.

Музейде  ҳәр түрли атамадағы бир қанша көргизбелер ҳәм илажлар өткерилип келинбекте. Атап айтқанда, тарийхый қаҳарманлырымыз,  елимизге белгили ири тулғалар, елимиздиң ҳәр тәреплеме раӯажланыӯына ѳзлериниң үлкен үлеслерин қосқан жәмийетлик ғайраткерлердиң  туӯылған күнлери, жылдың белгили сәнелери ҳәм тағы да басқа себеплерге байланыслы ис-илажлар  ѳткерилип киятыр.

Сондай-ақ, музейимизге «Музейде түн» бағдарламасы  енгизилип атыр. Бул күни музейимиз азанғы саат 9.00 ден кешки саат 22.00ге шекем ашық болады. Бунда музейден тысқары, концерт бағдарламасы, ѳнерментлер ҳәм художниклер тәрепинен мастер-класслар, ѳнерментлер ярмаркаларын тамашалаӯға болады.

Ҳәр айдың шийшемби ҳәм  жума күнлери мектеп жасындағы ѳспиримлер ушын бийпул. Сондай-ақ, ҳәр айдың биринши екшембиси музейде «Ашық есиклер күни» сыпатында белгиленген.  «Ашық есиклер күни» мүнәсибети менен музейимизде жаңа кѳргизбелер шѳлкемлестириледи ҳәм бул күни кѳрерменлеримиз  музейимизди бийпул тамашалаӯына болады.

Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи ҳәмме социаллық тармақларда бар. Музей хызметкерлериниң алып барып атырған жумысларының нәтийжесинде кѳрерменлердиң саны жылдан-жылға кѳбеймекте. Жыл даўамында музейимизди 40000нан аслам кѳрермен келип тамашалаған болса, солардан 5000ға жақыны сырт елли туристлерден ибарат болды.

Музей көргизбе залына қойылған коллекцияларды тамашалар екенбиз, ондағы экспонатлардағы халқымыз қол өнериниң әжайып үлгилери есапланған миллий кийим-кеншек, тағыншақ ҳәм үй-буйымлары, қурал-жарақлар, теңге-тийинлар, ҳайўанат ҳәм қуслар дүньясы, елимизге белгили тулғалардың портретлери, республикамыз турмысын сәўлелендириўши фотолар адамға өзгеше руўхый заўық бағышлайды. Бул әлбетте, инсанның руўхый дүньясының еле байыўы ҳәм ой-өрисиниң кеңейиўине хызмет етеди. «Мың еситкеннен бир барып көрген жақсы» дегениндей, дем алыс күнлери балаларымызды ертип музейлерге қойылған көргизбелерди тамашалаўға барып турсақ мақсетке муўапық болар еди деп ойлаймыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўретлери