Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен Руўхый-ағартыўшылық кеӊесиниӊ кеӊейтилген мәжлисинде белгилеп берген ўазыйпаларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тарийх факультети профессор-оқытыўшыларының «Әмиўдәрья» журналы бас редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров пенен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўды факультети деканы, т.и.д., профессор ў.ў.а. С.Сулайманов алып барды. Ол өзиниӊ кирис сөзинде жаслардыӊ сана сезимин раўажландырыўда «Әмиўдәрья» журналыныӊ айрықша әҳмийетке ийе екенлигин, бул редакцияныӊ жумысын нәтийжели алып барыўда Х.Дәўлетназаровтыӊ хызметлерин жоқары баҳалап өтти. Бүгинги күнде мәмлекетимизде санлы технологияларға айрықша итибар берилмекте, сонлықтан да келешекте бул журналдыӊ усы кунге шекемги шығарылған бәрше санларыныӊ электрон вариантын жаратыў бойынша пикир усынысларын билдирип өтти.

Халила Дәўлетназаров сөзге шығып, бүгинги күнде халықтың турмысын дурыс баҳалаўда, олардыӊ пидәкерлик мийнетлерин халыққа қалыс жеткериўде газета-журналлардыӊ тутқан орнына айырықша тоқтап өтти. Инсан өзиниӊ ақыл ойы, әдеп-икрамлылығы менен кәмал табады. Журналдың дүзилгенине 90 жылдан аслам ўақыт өтип баратыр. Журналда илимий мақалалар шығарыўға да итибар қаратылған. Ҳәр бир инсан өз тарийхын терең үйренип, билиўи шәртлиги ҳаққында баҳалы пикирлер билдирилди.

Буннан соӊ, т.и.д., проф. Б.Қощанов; бул журналда Қарақалпақстан тарийхына байланыслы мақалалардыӊ турақлы түрде берилип атырғанын атап өтип, журналдыӊ келешектеги ислерине үлкен жетискенликлер тиледи.

Т.и.к., профессор ў.ў.а Ж.Айтмуратов; тилимизге айрықша итибар бериў кереклигин, китапқумарлықты раўажландырыў ҳәм баспахана бойынша пикир-усынысларын билдирди. Сондай-ақ, ол журналды тилимиздиӊ тазалығы, зыялылардың қаймағы, өзлигимизди еске салыўшы, руўхый-мәденият ғәзийнеси, екенлигин атап өтти.

Т.и.к., доцент М.Сейтимбетов: Елимизде қандай жаӊалық болса усы журналда шығатуғынлығын, бәршени усы журналды қоллап-қуўатлаўға шақырды.




Кеше соӊында Х.Дәўлетназаровқа факультетимиз жәмәәти атынан факультет деканы С.Сулайманов тәрепинен миннетдаршылық билдирилип, журнал жәмәәти менен тығыз байланыста болып «Әмиўдәрья» журналына жазылыўда ҳәм мақалалар жәриялаўда факультет профессор-оқытыўшыларын белсене қатнасыўға шақырып, ҳүрметли шайырға китаплар саўға етилди.

 

Қонысбай Нажимов,

ҚМУдың Тарийх факультети деканының жаслар мәселелери, руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги