Усы жылдың 26-май күни Қанлыкөл районында «Etno Karavan Saray» фестивалы болып өтти. Фестивал саат 9:00 де райондағы пал ҳәррешиликке қәнигелескен «Тайыр Қарахожа» фермер хожалығында алып барылып атырған жумыслар менен танысыўдан басланды.
Фестивал қатнасыўшылары «New Golden Lake» балықшылық хожалығы, «Алым сейис» жылқышылық фермер хожалығындағы жумыслар, сондай-ақ, «Қайпназарова Сайёра» шарўашылық хожалығында «Жалғыз шопан» композициялық көриниси, «90-жыллар музейи», «Арба» этномәдений орайының ашылыўына гүўа болды.
Фестивал соңында саат 21:00 де райондағы «Бахытлы» дем алыў паркинде миллий кийимлер көргизбеси ҳәм гала-концерт болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.
Төменде сиз фестивалдан таярланған фоторепортажды тамашалаўыңыз мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги