Қанлыкөл районындағы «Қанлыкөл» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы «Aydos Diyorbek» жеке меншик кәрханасы тәрепинен «Арал теңизи аймағының ҳаўасы» деп аталған консерваланған сувенир ислеп шығарылмақта. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.
Консерваланған ҳаўа өз ишине Қарақалпақстанды, әсиресе, Арал теңизиниң жағалаўларын еслетиўши жағымлы ийислерди жәмлеген.
Оны сатып алған турист өзин ғайбана елимизде, теңиз жағалаўларында жүргендей сезеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги