Республикамыз бойлап «Қәдирдан мектебимиз қушағында оқып-үйрениўге, турақлы излениўге, жаңалыққа, раўажланыў шыңларын ийелеўге умтылып жасаймыз» сүрени астында 2017-2018-оқыў жылын жуўмақлаў байрам илажлары болып өтпекте.

Быйыл 11 жыллық улыўма орта билим бериў системасы енгизилиўине байланыслы питкериўшилер менен хошласыўға арналған «Соңғы қоңыраў» кешелери болмады. Тек оқыў жылын жуўмақлап, жазғы дем алысқа шығыў ушын қоңыраў қағылды.

Келеси оқыў жылынан баслап баслаўыш класслар 5 күнлик оқыў системасына толық өткерилип, 11 жыллық улыўма орта билим бериў системасының дәслепки «қарлығашлары ушырылады».

Қарақалпақстан Республикасы бойынша улыўма орта билим бериў мектебиниң тоғызыншы класын быйыл 26 мың 401 оқыўшы питкерип атырған болса, соннан   2 мың 602 си рус,  9 мың 75 и қарақалпақ, 11 мың 920 сы өзбек, 1 мың 858 и қазақ, 946 сы түркмен тиллери бойынша 10-класқа өтпекте. Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде 2017-2018-оқыў жылы даўамында ҳәптесине бир мәрте 10-класс оқыўшылары ушын шөлкемлестирилген шеберлик сабақлары жаслардың белгили бир кәсип бойынша билим ҳәм тәжирийбесин арттырыўға хызмет етти.      

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.