Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-февральдағы ПП-27-санлы Пәрманы менен тастыйықланған 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның 173-бәнтине муўапық, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы дүзилгениниң 80 жыллығын кеңнен белгилеў, мәмлекетимиз илиминиң абырайын және де арттырыў, илимий-технологиялық потенциалын жоқарылатыўда академиялық  илимниң ролин күшейтиў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Коллегиясы ҳәм тийисли илим қәнигеликлери бойынша жумыс алып барып атырған ҳақыйқый ағзаларының усынысына тийкарланып төмендегилер Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы етип тастыйықлансын:

Физика-математика илимлери бойынша

Ахмедов Бабомурот Жураевич – Илимлер академиясы Мырха Улығбек атындағы Астрономия институты лабораториясының баслығы

Абдуллаев Фатхулла Хабибуллаевич – Илимлер академиясы Физика-техника институтының бас илимий хызметкери

Розиков Уткир Абдуллоевич – Илимлер академиясы В.И.Романовский атындағы Математика институты директорының орынбасары

Химия илимлери бойынша

Туляганов Дилшат Убайдуллаевич – Ташкент қаласындағы Турин политехника университетиниң кафедра баслығы

Сагдуллаев Шамансур Шахсаидович – Илимлер академиясы С.Ю.Юнусов атындағы Өсимлик элементлери химиясы институтының директоры

Турабджанов Садритдин Махаматдинович – Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң ректоры

Реймов Ахмед Мәмбеткаримович – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры

Биология илимлери бойынша

Давранов Кахрамон – Илимлер академиясы Микробиология институты директоры

Техника илимлери бойынша

Садиков Илхам Исмаилович –  Илимлер академиясы Ядро физикасы институты директоры

Аўыл хожалығы илимлери бойынша

Намазов Шадман Эргашович – Пахта селекциясы, туқымгершилиги ҳәм жетистириў агротехнологиялары илимий-изертлеў институты директорының орынбасары

Тарийх илимлери бойынша

Зиё Азамат Хамид улы – Илимлер академиясы Тарийх институты директоры

Экономика илимлери бойынша

Тухлиев Нурислам – Өзбекстан халықаралық ислам академиясының профессоры

Филология илимлери бойынша

Сирожиддинов Шуҳрат Самариддинович – Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети ректоры

Педагогика илимлери бойынша

Ибраимов Холбой – Т.Н.Қори Ниязий атындағы Өзбекстан педагогика илимлери илимий-изертлеў институты директоры

Медицина илимлери бойынша

Мусабаев Эркин Исакович – Республикалық қәнигелестирилген эпидемиология, микробиология, жуқпалы ҳәм паразитар кеселликлер илимий-әмелий медицина орайының Вирусология илимий-изертлеў институты директоры

Психология илимлери бойынша

Шаумаров Гайрат Бахрамович – «Профи университети» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң ректоры

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы президенти Б.С.Йўлдошев Илимлер академиясының тастыйықланған ҳақыйқый ағзаларының тийкарғы жумыс бағдарлары шеңберинде 2024-жылға мөлшерленген «Жол карталары»н тастыйықласын, орынланыўын қадағалаўға алсын ҳәм режелестирилген барлық илажларды тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажларды көрсин.

«Жол карталары»нда Илимлер академиясының тастыйықланған ҳақыйқый ағзалары тәрепинен, соның ишинде, төмендеги бағдарлардағы илажлар әмелге асырылатуғыны нәзерде тутылсын:

илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумыс;

илимий нәтийжелерди әмелиятқа енгизиў;

орынларда илимий мектеплерди раўажландырыў;

өз жумысына байланыслы аймақлық ҳәм тармақ машқалаларының илимий тийкарланған шешимлерин ислеп шығыўда белсене қатнасыў;

билимлендириў процесинде қатнасыў, қәбилетли жасларды илимий жумысқа тартыў;

халықаралық илимий бирге ислесиўди раўажландырыў, халықаралық колемде Өзбекстан илиминиң абырайын арттырыў;

илимниң раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм инновациялық процесслерди жеделлестириў бағдарында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған системалы реформалардың мазмун-мәнисин, заманагөй илим жетискенликлерин орынларда кеңнен үгит-нәсиятлаў.

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы президенти Б.С.Йўлдошев Илимлер академиясының тастыйықланған ҳақыйқый ағзаларының 2024-жылға мөлшерленген «Жол карталары» орынланыўы мониторингин жүргизсин ҳәм жылдың ҳәр шерек жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине талқыланған мағлыўмат киргизип барсын.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаментиниң баслығы О.Қ.Абдурахмановқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев