Қазақстан Қытайға жаӊа темир жол қурыўды баслады, бул мәмлекетлер арасындағы жүк айланысын 20 миллион тоннаға арттырады. Анық болыўынша, Абай ўәлаятында узынлығы 272 километр болған «Бахти – Аяғоз» жаӊа темир жол линиясының қурылысы басланған.

Жойбар президент Қасым-Жомарт Тоқаевтыӊ Қазақстанныӊ транспорт-транзит потенциалын арттырыў ҳаққындағы тапсырмасын орынлаў шеӊберинде әмелге асырылмақта. Жаӊа линия қурылысы менен бирге, Қытай менен шегарада Бахти-Чугучак үшинши шегара пункти ашылыўы режелестирилген.

Жаӊа темир жол линиясы Қазақстан ҳәм Қытай арасындағы жүк айланысын ҳәзирги 28 миллион тоннадан дерлик 48 миллион тоннаға шекем көбейтиў, қубла бақлаў-өткериў пунктлериндеги тығылысларды сапластырыў имканиятын бериўи күтилмекте. Еки изли темир жол 2027-жылы пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген.

Улыўма алғанда, үш жыл ишинде республикада 1,3 мыӊ километрден артық темир жол қурылысы режелестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги