Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының студентлерине Қырғызстан Республикасы Ош мәмлекетлик университетиниң профессоры, аўыл хожалығы илимлериниң докторы Абдугани Абдурасулов сабақ өтпекте.
Филиал директоры менен болған ушырасыўда бирге ислесиў бағдарларын белгилеп алыў, келешектеги академиялық алмасыў шеңбериндеги байланысларды буннан былай да раўажландырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Байланысларды беккемлеў арқалы ҳәр еки тәрептиң илимий потенциалын арттырыў, дуал билимлендириў формасы тийкарында бирге ислесиўди жолға қойыў, халықаралық жойбарларды әмелге асырыў бойынша меморандумға қол қойылды. Сондай-ақ, филиалдың илимий-изертлеўлер, инновациялар ҳәм илмий-педагогикалық кадрлар таярлаў бөлиминиң баслығы А.Мамбетназаровқа Ош мәмлекетлик университетиниң студентлерине онлайн баянат сабақларын алып барғаны ушын усы жоқары оқыў орны ректорының атынан сертификат тапсырылды. Қырғызстанлы профессор “Зооинженерия” бағдарында билим алып атырған студентлерге зоогигиена ҳәм шарўашылық имаратларын жойбарластырыў ҳәм шараўашылық бойынша ҳәпте даўамында 24 саат оқыў сабақларын алып барады.
–Нөкис қаласында биринши мәрте болыўым, қарақалпақ ағайинлердиң миймандослығы мен де айрықша тәсир қалдырмақта,– дейди А.Абдурасулов. – Қырғызстанда аўылхожалығы экономикалық хызмет түри болып қалмастан, халықтың көпшилик бөлеги ушын турмыс тәризи есапланады. Бул жерге келип Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен Қарақалпақстанда шарўашылық тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул тараўда оқып атырған жасларға жетик билим берилип атырғанының гүўасы болдым.
Студент-жаслар профессор тәрепинен өтилип атырған сабақлар даўамында қәнигеликлери бойынша теориялық билимлерин беккемлеў менен бирге, Қырғызстанның шарўашылық тараўы, оның тармақлары ҳәм бүгинги күнги раўажланыў барысы бойынша мағлыўматларға ийе болмақта.
Филиал менен сырт еллердиң жетекши жоқары оқыў орынлары арасында дүзилген меморандумлар усы тәризде өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Буннан алдын Қазақстан Республикасының “QS World University Rankings” 500 лигине кириўши Қазақстан миллий аграр изертлеў университетиниң профессорлары филиалда болып, студентлерге сабақ өткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.