Женевада Инсан ҳуқықлары дүнья жүзилик декларациясы қабылланғанының 75 жыллығына бағышланған ҳалықаралық илажлар өткерилди.

Инсан ҳуқықлары дүнья жүзилик декларациясы қабыл етилгениниң 75 жыллығына бағышланған салтанатлы илажда мәмлекетимиз делегациясы қурамында Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) Феруза Эшматова да қатнасты.

Илажда БМШ Бас хаткери Антониу Гуттериш дүнья жәмийетшилигине Мүрәжат жоллады. Онда Инсан ҳуқықлары дүнья жүзилик декларациясы урысларға шек қойыў, қарама-қарсылықларды сапластырыў ҳәм дүнья халқы ушын тыныш-татыў ҳәм мүнәсип өмирди тәмийинлеўге қаратылғанына айрықша атап өтилди. Ҳәзирги күнде  қарама-қарсылықлар күшейип, кәмбағаллық ҳәм ашлық көлемлери артып, теңсизлик барған сайын тереңлесип баратырғаны атап өтилди.

Мүрәжат жуўмағында Бас хаткер пүткил дүнья халқын инсан ҳуқықларын ҳәр бәрқулла, ҳәмме ушын, барлық жерде ен жайдырыўға ҳәм ҳүрмет етиўге шақырды.

Усы күни Инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлардың Глобал альянсы (GANHRI) бир қатар мәмлекетлердеги миллий инсан ҳуқықлары институтлары ўәкиллерин бир жерге жыйнады. Қазақстан, Түркменстан, Өзбекстан, Әзербайжан ҳәм Қырғыз Республикалары Омбудсманлары қатнасқан бул платформада 2030-жылға шекем инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша миллий институтлар алдындағы әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.

Инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында өз тәжирийбелери менен ортақласқан Омбудсманлар додалаўлар даўамында дүньядағы қарама-қарсылықлы жағдайларды таллап, халықтың социаллық әззи қатламларын қорғаў бойынша өз-ара пикир алысты.

Сапар шеңберинде Ф.Эшматов Инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлардың Глобал альянсы (GANHRI) баслығы, Қатар миллий инсан ҳуқықлары комиссиясының баслығы Марьям Абдулла Аль Аттия менен ушырасты.

Өз-ара сөйлесиў даўамында Омбудсман институты тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў тәртиби, жазаны өтеў мәкемелеринде өткерилип атырған мониторинг сапарлары ҳәм оларда пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери ҳәм ҒХҚның қатнасы, Миллий превентив механизмниң «Омбудсман+» модели ҳаққында сөз етилди.

Инсан ҳуқықлары бойынша Омбудсман сәўбет даўамында ҳәзирги күнде Париж принциплерине муўапықлығы бойынша  халықаралық “А” статусын алыў бойынша Глобал альянстың усыныслары тийкарында ислеп атырғанын мәлим етти.

Өз-ара дослық ҳәм конструктивлик руўхта өткен ушырасыў жуўмағында тәреплер келешекте өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де беккемлеў бойынша пикир алысты.

Өзбекстан Омбудсманы БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссарының Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери бойынша департаментиниң басшысы Хулан Цедев пенен де ушырасты.

Өз-ара сөйлесиў даўамында Омбудсман ҳәм БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары офиси менен бирге ислесиў байланысларын күшейтиў ҳәм келешекте усы бағдарда әмелге асырылыўы мүмкин болған жойбарлар ҳаққында пикир алысты.

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА