Германияның Халле қаласында өткерилген «Литий күнлери – 2023» халықаралық конференция шеңберинде Өзбекстан таў-кән санааты ҳәм геология потенциалына бағышланған илаж да шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиздиң Германиядағы елшиханасының мәлим етиўинше, бул абырайлы илажда Өзбекстан 2023-жылдың бирге ислесиўши мәмлекети сыпатында қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги, мәмлекетимиздиң Берлиндеги елшиханасы ҳәм Германияның Литий-Институты ҳәм «Паппенбург» компаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилген конференцияға литий ислеп шығарыў тараўына қәнигелескен компаниялар ҳәм халықаралық экспертлер, сиясий топар ўәкиллери, инвесторлар, илимий-изертлеў институтларының илимпазлары мирәт етилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған избе-из реформалар, елимиз жер асты қазылма байлықлары, сырт елли инвесторлар ушын жаратылған шараятлар бул тараўдың раўажланыўында айрықша әҳмийетке ийе болып табылады.

Онда Германия экономикасы Шығыс комитетиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Эдуард Кинсбрунердиң «Орайлық Азияның өсип атырған базары – Өзбекстан дыққат орайында» атамасындағы презентациясы немис инвесторлары ҳәм исбилерменлик топар ўәкиллерин Өзбекстанның экономикалық потенциалы ҳәм бирге ислесиў бағдарлары менен таныстырыўға қаратылды. Сондай-ақ, Орайлық Азия турақлы инновациялар бюросы (CASIB) ўәкили Питер Либельт өз баянатын Германия билимлендириў ҳәм изертлеў федераллық министрлиги тәрепинен қаржыландырылатуғын Германия ҳәм Өзбекстан арасындағы илимий-изертлеў тараўындағы бирге ислесиўге бағышлады.

Климаттың өзгериўлерине қарсы гүресиў ҳәм бул жолда «жасыл» экономикаға өтиў мақсетинде санааты раўажланған мәмлекетлер ишки жаныў двигательлери тийкарында ҳәрекетленетуғын транспорт қуралларынан ўаз кешип, электромобильлер ислеп шығарыўға итибарын қаратып атырғанын атап өтиў керек. Соның ишинде, Европа Аўқамы 2035-жылға шекем басқышпа-басқыш дәстүрий двигательден ўаз кешиўди режелестирген.

– Бүгин биз ҳақыйқый мәнисте Литий күниниң 3 жыллығын белгилемектемиз, себеби бул халықаралық конференцияға пүткил дүнья жүзинен экспертлер, ықласбентлер, өндирисшилер қатнасты, – деди Германия Литий-Институты (Deutsches Lithiuminstitut GmbH) менеджери  Ульрх Блум. – Альтернатив энергияға өтиў дәўиринде бул элемент шийки зат сыпатында айрықша әҳмийетке ийе. Германияның өзинде бүгин қурылыс тараўында гипс ислеп шығарыў 55 процентке, цемент ушын зәрүр шлак ислеп шығарыў 20 процентке азайтылды. Булардың орнын литий элементи ийелемекте. Биз Германия Литий-Институты ҳәм Паппенбург фирмасының ўәкиллери жақында Өзбекстанда болып, литий кәнлеринен үлгилер алып келдик. Таллаў нәтийжелерине бола, бул түрдеги литийден аккумуляторлардан тысқары көплеген тараўларда пайдаланыў мүмкин. Бул бирге ислесиў тек ғана өз-ара экономикалық мәплерге хызмет етпестен, ал келешекте халықаралық тынышлық сүйетуғын сиясатқа тийкарланған раўажланыўына да өз үлесин қосады.

Илажда атап өтилгениндей, электромобильлер, электротехникалардың аккумуляторларын таярлаў ушын әҳмийетли шийки зат саналған литий альтернатив энергияға өтиўде әҳмийетли есапланады. Бул болса, өз гезегинде, дүнья базарында сийрек ушырасатуғын литий металына болған талаптың артыўына алып келмекте. Мәмлекетимиздиң таў-кән санааты тараўындағы бар потенциалы халықаралық бирге ислесиўдиң жаңа тәреплерин ашыў имканиятын береди. Германия Шийки зат агентлиги (DERA) илимий хызметкери Михаил Шмидттиң сөзине бола, Өзбекстан бундай әҳмийетли халықаралық конференцияға бирге ислесиўши мәмлекет сыпатында мирәт етилгени оғада қуўанышлы.

– Бүгинги баянатта атап өткеним сыяқлы Германия, улыўма етип айтқанда Европа санааты тараўында литий ең әҳмийетли шийки зат болып есапланады. Өзбекстан болса литий сыяқлы әҳмийетли пайдалы қазылмаларға ийе мәмлекет, сол себепли еки мәмлекет арасында таў-кән тараўында бирге ислесиў перспективалары үлкен. Өзбекстан ҳүкимети, Өзбекстан Республикасы Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги ҳәм Германияның геологиялық федераллық министрликлери  арасында дәслепки сөйлесиўлер алып барылды, геология тараўында жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди. Бүгин Өзбекстанды келешектеги әҳмийетли бирге ислесиўши мәмлекет сыпатында конференцияға мирәт етилгенин келисимлер орынланыўының биринши қәдеми сыпатында баҳалаў мүмкин, – деди Михаил Шмидт.

Сондай-ақ, конференцияда мәмлекетимиздиң туризм потенциалын сәўлелендиретуғын тарқатпа материаллар ҳәм қолланбалар да тарқатылды. Қатнасыўшылар илаж жуўмағында өзбекке тән тәризде безелген дастурханға мирәт етилди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА