Әйне күнлерде Өзбекстан илиминде әҳмийетли сәне – Өзбекстан Илимлер академиясы шөлкемлестирилгениниң 80 жыллық юбилейи кең белгиленбекте. Усы мүнәсибет пенен “Өзбекстан” халықаралық әнжуманлар сарайында байрам салтанаты болып өтпекте.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының 80 жыллығы мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўы оқып еситтирилди.

80 жыл даўамында оғада қурамалы ҳәм даңқлы жолды басып өткен Өзбекстан Илимлер академиясы мәмлекетимизде жүзлеген атақлы алым ҳәм академиклерди тәрбиялап, илим тараўлары бойынша абырайлы илимий мектеплер жаратыўға үлкен үлес қосты.

Ғәрезсизлик дәўиринде, әсиресе, кейинги жылларда Академияның илимий қурамының жетискенликлерди уллы бабаларымыз тийкар салған даңқлы дәстүрлерге үнлес ҳалда байытып, мәмлекетимизде илимниң раўажланыўын жаңа басқышқа алып шықпақта.

Академия системасында түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, оның қурамында жаңа илимий шөлкемлер ашылып, системадағы мәкемелердиң саны дерлик 1,5 есеге көбейди. Оларды тиккелей мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырыў тәртиби жолға қойылды.

Жетекши илимпазлар, талантлы жас илимий хызметкерлердиң жумысы ҳәм илимий изертлеўлерин қоллап-қуўатлаў, жәмийетте илим ўәкиллериниң абырай-мәртебесин ҳәм орнын арттырыў бәқулла мәмлекетимиздиң дыққат орайында болып келмекте. Тараў ўәкиллериниң мийнет ҳақысы ҳәм докторантлардың стипендиясы 3 есеге, академиклердиң гонорары 2 мәртеден зыят арттырлғаны, илимий дәрежеге ийе илимий хызметкерлердиң мийнет ҳақысына 60 процентке шекем үстеме ҳақы төлеў системасы енгизилгени буны тастыйықлайды.

Илимлер академиясы ағзаларының соцаллық- хожалық шараятын жақсылаў, денсаўлығын тиклеў бойынша да системалы илажлар әмелге асырылмақта. Системада жумыс алып барып атырған изертлеўшилер ушын жеңиллик тийкарында квартиралар ажыратылды, шаңарақлы жас докторантлар бийпул турақ жайлар менен тәмийинленди.

Академияның абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм раўажланған мәмлекетлердеги илимий орайлар менен бирге ислесиўи күшейип, олар менен биргеликте әмелге асырылып атырған илимий изертеўлер көлеми еки-үш есеге кеңейди.

Стажёр- изертеўшилик институты қайта тикленип, талантлы жас изертеўшилерди таярлаў сапасы жақсыланды. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда илимий жумыс пенен шуғылланып атырған 30 мыңнан аслам изертеўшилердиң ярымынан асламын әйне жаслар қурап атырғаны, тараўдың келешеги исенимли қолларда екенинен дәрек береди.

Илажда ҳүрметли мийманлар, халықаралық көлемдеги абырайлы илимпазлар, сырт еллердиң илимлер академияларының президентлери сөзге шықты.

– 80 жыл даўамында Илимлер академиясы үлкен ҳәм қурамалы жолды басып өтти,- дейди Илимлер академиясының президенти Беҳзод Йулдошев. – Усы дәўир даўамында Илимлер академиясы улыўмалық тән алынған, дүнья илимий жәмийетшилигиниң абырайы ҳәм ҳүрметине ерискен илим орайына айланды.

Өзбекстан илими узақ жыллық тарийхқа ийе болып, бул жерде Хорезмий, Ферғаний, Фарабий, Маҳмуд Замахшарий, Беруний, Ибн Сино, Имам Бухарий, Мырза Улуғбек, Әлийшер Наўайы, Бабур сыяқлы уллы ойшыл ҳәм алымлар дүнья илими ҳәм мәденияты тарийхынан мәңги орын алды.

Соның ушын Екинши жер жүзилик урыс ҳәўиж алған гезлерде – 1943-жылдың 4-ноябринде Өзбекстан Илимлер академиясының дүзилиўи мың жыллықларға тийисли өзбек илиминде жаңа бир дәўирдиң басланыўы болды.

Илимлер академиясының бүгини ҳаққында сөз жүргизетуғын болсақ, мәмлекетимизде түп мәнисте дүньяға белгили уламалардың даўамшылары жетисип шықпақта. Атап айтқанда, илим жолында изленип атырған жасларымыздың бир қаншасы TWAS (Жәҳән илимлер академиясы) академиясының бир қатар сыйлықларын қолға киргизген. Сондай-ақ, өзбек математиклеринен төртеўи Жәҳән илимлер академиясының академиги, алтаўы TWASтың жас илимпазлар бөлиминиң ағзасы есапланады.

Академияның илимпазлары қатарына ықласлы жаслар қосылыўда даўам етпекте. Олар өзбек илиминиң келешеги. Қалаберди, жаслардың илимий изертеўин қоллап-қуўатлаў, оларға жәрдемлесиўге айрықша итибар қаратылмақта. Жаслардың илимий излениси тийкарында жеркиликли шийки заттан импорттың орнын басатуғын, экпортқа қолайлы көплеген өнимлер ислеп шығарылмақта. Атап айтқанда, илимпазларымыз моносилан ҳәм поликристалл кремний алыўдың жаңа технологиясын жаратыўға еристи. Бул қолланба Өзбекстан, АҚШ, Япония, Қубла Корея, Қытай, Тайвань ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлеринде патент пенен қорғалған.

Илаж даўамында Илимлер академиясының шөлкемлестирилиўи ҳәм раўажланыўы, ғәрезсизлик жылларында илимниң мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўы, илимий-изертеў жумысын жетилистириўге арналған “Үшинши Ренессанс тийкары” атамасында ҳүжжетли фильм ҳәм Өзбекстан көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы көретилди.

Нигора РАҲМОНОВА, ӨзА