Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтпекте. Онда бир қатар нызам жойбарлары ҳәм парламент қадағалаўына тийисли басқа мәселелерди додалаў нәзерде тутылған.

Дәслеп депутатлар “Айырым категориядағы жынайый қылмыслар ушын жуўапкершилик либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбарын екинши оқыўда статьяма-статья көрип шықты.

— Ушыўшысыз ушатуғын аппаратлар Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилиўи шекленген товарлар қатарына киреди, – деди депутат Ойбарчин Абдуллаева, – Оларды республика аймағына нызамға қайшы түрде алып кириў, сондай-ақ, өткериў, алыў, сақлаў яки олардан пайдаланыў ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген болып, онда үш жылға шекем еркинен айырыў жазасы нәзерде тутылған. Изертеўлер ушыўшысыз ушатуғын аппаратларды, олардың интеграл ҳәм аўысық бөлеклерин нызамға қарсы түрде республика аймағына алып кириў жағдайлары пуқаралардың нызамшылық талапларын билмеўи нәтийжесинде әмелге асырылып атырғаны көрсетилмекте. Соның менен бирге, ушыўшысыз ушатуғын аппаратлардың айырым тараўлар ҳәм илажларда қолланылыўы пуқаралар арасында бундай қурылмалардан пайдаланыў мүмкин деген қәте пикирди оятпақта.

Усыныс етилип атырған нызам жойбарындағы республика аймағында ушыўшысыз ушатуғын аппаратлардан нызамсыз пайдаланыўды биринши мәрте әмелге асырған шахсларға жынайый жуўапкершилик орнына ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте. Усы сыяқлы ҳуқықбузарлықларды қайта әмелге асырғанлығы ушын жыныйый жуўапкершилик жаза илажларын жеңиллестириў нәзерде тутылмақта.

Усы нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде жумысшы топар ағзалары, ҳуқықтаныўшылар, экспертлердиң қатнасыўында бир қатар илажлар, дөгерек сәўбетлери өткерилди. Фракция ҳәм комитетлерде додаланды ҳәм билдирилген усыныслар тийкарында нызам жойбары жетилистирилип, пуқта жағдайға келтирилди.

Соның менен бирге, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ушыўшысыз ушатуғын аппаратларды, олардың интеграл ҳәм аўысық бөлеклерин өз ықтыяры менен тапсырған шахслар ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етилиўи белгиленди.

Жойбарды стаьяма-статья көриў даўамында ортаға тасланған сораўларға жуўап берилди. Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабылланды.

Муҳтарама Комилова,  

ӨзА