Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “ Өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясын қорғаўға байланыслы нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етилмегени ушын ҳуқықый тәсир илажлары күшейтилиўи мүнәсибети менен Министрлер Кабинетиниң “Биологиялық ресурслардан пайдаланыўды тәртипке салыў ҳәм тәбияттын пайдаланыў тараўында рухсат бериў тәртип- қағыйдаларынан өтиў тәртиби ҳаққында” 2014-жыл 20-октябрьдеги 290-санлы қарарына өзгерислер киргизиў ҳаққында” қарар қабыллады.

Оған бола, Өзбекстан Республикасының Қызыл китабына киргизилген ҳайўанлардың нызамсыз аўланыўы ақыбетинде ҳайўанат дүньясына жеткерилген зыян ушын өндирилетуғын сумма муғдары 10 есеге, өсимликлерди өсиўден тоқтатыў дәрежесине шекем зыян жеткериў яки жоқ етиў менен оларға жеткерилген зыян ушын өндирилетуғын сумма муғдары 5 есеге арттырылады.

Министрлер Кабинетиниң “Биологиялық ресурслардан пайдаланыўды тәртипке салыў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўында рухсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтиў тәртиби ҳаққында” 2014-жыл 20-октябрьдеги 290-санлы қарарына төмендеги өзгерислер киргизиледи:

Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилген өсимликлерге жеткерилген зыянды өндириў муғдарын есаплаў ушын коэффициентлерди бес есеге;

Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилген ҳайўанат дүньясынан пайдаланыў тәртибиниң бузылыўы себепли жеткерилген зыянның көлемин есаплаў ушын төлемлер муғдарларын он есеге арттырыў.

ӨзА