Өзбекстан елшиси Амирсаид Аъзамхўжаев Польша Президенти Анжей Дудаға исеним жарлықларын тапсырды.

Презентация мәресими Польша басшысының рәсмий резиденциясы – Варшавадағы Бельведере сарайында болып өтти.

Рәсмий мәресим шеңберинде болып өткен сәўбет ўақтында Польша Президенти барлық тараўларда еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириўден мәпдар екенин тастыйықлады. Польша Өзбекстанды Орайлық Азиядағы әҳмийетли ҳәм перспективалы шериги деп билетуғыны, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли ҳәм артқа қайтпайтуғын реформаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғыны айрықша атап өтилди.

Атап өтилгениндей, кейинги жылларда Өзбекстан-Польша бирге ислесиўи, әсиресе, саўда-экономикалық тараўда сезилерли дәрежеде беккемленип, жаңа ҳәм әмелий мазмун менен толықтырылды. Польша исбилермен топарларында өзбекстанлы бирге ислесиўшилер менен байланысларды раўажландырыўға қызығыўшылық артып бармақта. Еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў ушын салмақлы потенциал бар.

Польшалы генерал Владислав Андерстиң әскерлери жерленген орнын абат етиў бойынша көрилип атырған илажлар ушын Өзбекстан ҳүкиметине миннетдаршылық билдирилди.

Исеним жарлықлары тапсырылғаннан кейин елши Варшавадағы Белгисиз әскердиң қәбирине гүл қойыў мәресиминде қатнасты.

Еслетип өтемиз, Өзбекстанның жаңа елшиси 7-ноябрь күни Варшаваға келген еди. Оған шекем ол СИМниң Консуллық-ҳуқықый департаментинде, Өзбекстанның Стамбулдағы бас консулы лаўазымларында ислеген. Дипломат 38 жасар. Ташкент мәмлекетлик жәҳән тиллери университетин питкерген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги