Дүнья антидопинг агентлиги (WADA) Қытайда өткерилген Ханчжоу-2022 жазғы Азия ойынларында Арқа Корея байрағынан пайдаланғаны ушын Азия олимпиада кеңесине 500 мың доллар жәрийма салынғанын тастыйықлады.

WADA 2021-жылдан баслап, допинг тестин өткериў бойынша нәтийжели бағдарлама әмелге асырылмағаны себепли Арқа Кореяға ири халықаралық спорт илажларында өз байрағынан пайдаланыўды қадаған еткенин айтып өтиў керек.

WADAның бир неше мәрте ескертиўине қарамастан, санкцияланған мәмлекет байрағы Қытайдың Ханчжоу қаласында өткен жазғы Азия ойынларында, атап айтқанда, ашылыў ҳәм жабылыў мәресими ҳәм медаль тапсырыў илажларында көрсетилген.

Дүнья антидопинг агентлиги мағлыўматларына бола, WADAның Муўапықлық кодексине ҳәзир КХДР, Габон ҳәм Россия, сондай-ақ, Азия Олимпиада кеңеси, Халықаралық Фитнес ҳәм бодибилдинг федерациясы әмел етпей атыр. Бул халықаралық спорт талабының бузылыўы, өз-ара қатнасықта тең салмақсызлық келип шығыўы, спортшылар ҳуқықының бөлиниўине алып келмекте.

Т. Рўзиев, ӨзА