8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн

 ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 31 жыллығы мүнәсибети менен «Конституция – абадан турмысымыздың тийкарғы критериясы» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси хызметкерлери, Нөкис қалалық Кеңеси депутатлары, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекет университетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты А.Сайпова, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекет университетиниң юридика факультети оқытыўшысы С.Зайтов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жасларға жаңа редакциядағы Конституцияның әҳмийети, «Өзбекстан—2030» стратегиясының орынланыўы шеңберинде мәмлекетимизде алып барылып атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ушырасыўда жаңа редакцияда қабыл етилген Конституциямыздың жаңа нормаларында тийкарғы итибар инсан, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылғанлығы, оның қабыл етилиўи менен және де беккем Конституциялық-ҳуқықый тийкар жаратылғанлығы атап өтилди.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде жаслар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў, олардың социаллық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў, ҳуқықый санасын көтериў, кәсип-өнерге үйретиў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, инновциялық идеяларын әмелиятта қолланыў ҳәм турмыста өз орнын табыўына жәрдем бериў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Конституциямызда мәмлекет тәрепинен жаслардың ҳуқықларының қорғалыўы ҳәм олардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсене қатнасыўы хошаметленетуғынлығы кепилленеди. Инсан мәпи, адамгершилик принципи тийкарында қабыл етилген Бас Нызамымыз мәмлекетимизде жаңа раўажланыў дәўирин баслап берди.

Қызғын сораў-жуўап, сәўбетлесиў тәризинде өткерилген илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.