Ташкент қаласында болып өткен “Өзбекстан – Европа Аўқамы” бирге ислесиў комитетиниң 19-мәжилисинде айтылыўынша, Өзбекстаннан ЕА мәмлекетлерине өним ҳәм хызмет экспорты 1,5 есеге артқан.

Бул илажға Өзбекстан тәрепинен инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Бадриддин Обидов, бирге ислесиўши тәрептен Сыртқы жумыс хызмети Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери бойынша директорының орынбасары Люк Девин басшылық етти.

Ушырасыўда Өзбекстандағы реформаларды қоллап-қуўатлағаны ушын ЕА топарына миннетдаршылық билдирилди. Турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў, суд-ҳуқық, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық қорғаў системасын раўажландырыў, экологиялық машқалаларға қарсы гүресиўге қаратылған “Өзбекстан-2030” стратегиясы шеңберинде белгиленген тийкарғы бағдарлар көрсетип өтилди.

Стратегияның тийкарғы бағдарлары, айтап айтқанда, 2030-жылға барып жалпы ишки өним көлемин 160 миллиард долларға, халықтың жан басына туўра келетуғын дәраматты 4 мың долларға жеткериў, сондай-ақ, 110 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициясын тартыў, жалпы ишки өнимде санаат ҳәм технологиялық өнимниң үлесин 25 проценттен 32 процентке көтериў, инвестиция муғдарының жылына 3-5 процент өсиўин тәмийинлеў ҳәм басқа ўазыйпалар айырықша атап өтилди. Европа тәрепи усы мақсетлерге ерисиўде ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенлигин билдирди.

Тәреплер ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў, инсан ҳуқықы ҳәм еркинлигин қорғаў бойынша әмелдеги жағдайды және де жақсылаў перспективасын, 2024-жылға мөлшерленген сиясий шериклик жағдайын көрип шықты. Финанслық- техникалық, саўда- экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди және де раўажаландырыў бойынша пикир алысылды. Тийкарынан ЕА Улыўмалық жеңилликлер системасының (GSP+) абзаллығынан пайдаланған ҳалда, саўда тәртип-қағыйдасын либералластырыў ҳәм әпиўайыластырыў илажларына итибар қаратылды.

Усы көзқарастан, товар алмасыў муғдарының өсиўиндеги жоқары пәт тән алынды. 2023-жыл 10 айда еки тәреплеме саўда өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 36 процент артып, 4,8 миллиард долларға жетти. Бул бағдардағы жумысты системалы даўам етиў зәрүрлигине дыққат қаратылды. Өзбекстаннан Европа Аўқамы мәмлекетлерине өним экспорты 2021-жылдан берли 1,5 есеге көбейип, 2022-жылдың ақырында 794,6 миллион долларды қурағаны атап өтилди.

Энергетика тараўындағы шериклик мәселеси айырықша додаланды. 2030-жылға барып мәмлекетимиздиң экономикасында энергия сыйымлылығын 1,5 есеге азайтыў арқалы нәтийжелиликти 20 процент арттырыў тийкарғы мақсет етип қойылған. Бул бағдарда мәмлекетлик- жеке меншик шериклик тийкарында улыўмалық қуўатлылығы 11,5 ГВт ири қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў бойынша 28 шәртнама дүзилди. 12,8 ГВт қуўатлылықта және 16 идея бойынша жойбарлаў жумыслары ҳәм сөйлесиўлер алып барылмақта. Европа тәрепи “жасыл энергия” басламаларын ислеп шығарыў ҳәм әмелге асырыў ушын зәрүр мәсләҳәт жәрдемин көрсетеди.

Жүк тасыў ҳәм логистика тарўындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў темасы додаланып, ЕА Транскаспий халықаралық транспорт жөнелисин раўажландырыў арқалы Өзбекстан транспорт коридорларын диверсификациялаўға қаратылған ис-ҳәрекетти қоллап-қуўатлаўға таярлығын билдирди.

ӨзА