Мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың турмыс абаданлығын жақсылаў бағдарындағы реформалар тереңлестирилип, халыққа қолайлықлар жаратыў мақсетинде нызамшылықтағы нормалар турақлы түрде жетилистирилип келинбекте.

– Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 483-статьясына қосымшалар киргизилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының баспасөз хызмети қәнигеси М.Мершиева.

Яғный, 2023-жыл 1-январьдан 2026-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан футбол ассоциациясы, оның аймақлық бөлимлери «Өзбекстан Профессионал футбол лигасы» жәмийетлик бирлеспеси, Өзбекстан футбол төрешилери орайы, Профессионал футбол клублары  барлық түрдеги салықлардан (буған социаллық салық кирмейди) өзи шақырған сырт ел қәнигелери ҳәм футболшылары табысынан төленетуғын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығынан азат етиледи.

Сондай-ақ, Өзбекстанға алып киргизилетуғын, Өзбекстанда уқсасы ислеп шығарылмайтуғын экспорт әсбап-үскенелери ҳәм инвентары, трансляция етиў ушын зәрүр болған әсбап-үскенелер, инвентар ҳәм техника, фармакология товарлары, экспорт азық-аўқатлары, футбол (футзал) майданлары ушын жасалма шөплер, шокпад, гранулалар, арнаўлы желимлер ҳәм арнаўлы профессионал спорт кийим-кеншеклери, транспорт қураллары, сондай-ақ арнаўлы транспорт қураллары ушын ҚҚСдан азат етиледи.

                                                                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги.