Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 22-сентябрьдеги 595-санлы қарары менен тастыйықланған Қосымша қун салығын төлеўшилерди салық уйымларында қосымша қун салығы бойынша арнаўлы дизимнен өткериў тәртиби ҳаққындағы режеге өзгерислер киргизиў ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Ҳүкиметтиң 2021-жыл 22-сентябрьдеги 595-санлы қарары менен тастыйықланған Қосымша қун салығы төлеўшилерин салық уйымларында қосымша қун салығы бойынша арнаўлы дизимнен өткериў тәртиби ҳаққындағы режеге қосымша қун салығы бойынша арнаўлы дизимнен өткерилгени ҳаққындағы гүўалықтың әмел етиўин тоқтатып турыў әмелиятын бийкарлаўды нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизиледи.

Бул қарар, онда нәзерде тутылған өзгерислер мәмлекетимизде интизамлы салық төлеўшилердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, инсан факторы тәсирин шеклеў арқалы қосымша қун салығын басқарыў системасын жетилистириў, салық салыўды әпиўайыластырыў ҳәм салық жүгин азайтыў, соның менен бирге, салық қәўпи жоқары дәрежеде болған контрагентлер менен операцияларды (келисимлерди) әмелге асырыўды шеклеўде қосымша қун салығы ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў имканиятын береди.

ӨзА