Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Академиялық лицейинде Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 31 жыллығына бағышланған “Конституция – социаллық мәмлекеттиң ҳуқықый тийкары” атамасында мәдений-ағартыўшылық илажы болып өтти.

Илажды Академиялық лицейдиң директоры, Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Қ.Қалхоразов кирис сөзи менен ашты.

Буннан соң Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары М.Есенгелдиев, Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң бөлим баслығы Н.Кышанов, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының доценти, педагогика илимлери бойынша PhD докторы Н.Орынбетовлар шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 1-статьясында Өзбекстан суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет деп белгиленген. 50-статьясында ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе. Мәмлекет үзликсиз билимлендириў системасының, оның ҳәр қыйлы түрлери ҳәм формаларының, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң раўажландырылыўын тәмийинлейди деп белгилеп қойылған.

Соның менен бирге, 52-статьясында “Өзбекстан Республикасында оқытыўшының мийнети жәмийет ҳәм мәмлекетти раўажландырыў, саламат, жетик әўладты қәлиплестириў, тәрбиялаў, халықтың рухый, мәдений потенциалын сақлаў ҳәм байытыўдың тийкары ретинде тән алынады. Мәмлекет оқытыўшылардың ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық абаданлығы, кәсиплик жақтан жетилисиўине ғамхорлық етеди” деп белгиленген.

Байрам илажында академиялық лицейдиң оқыўшылары арасында өткерилген “Конституция билимданы” олимпиадасында жеңимпаз болған оқыўшылар Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Байрам илажы лицей оқыўшы жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.