Газадағы жағдайды шешиў бойынша байланыс топары усы ҳәпте АҚШ ҳүкимети менен сөйлесиў алып барыў нийетинде, деген “РИА Новости”ға Анкарадағы дипломатиялық дәрек.
Түркия, Индонезия, Нигерия, Иордания, Египет, Қатар ҳәм Саудия Арабстаны сыртқы ислер министрлеринен ибарат жетилик Ар-Риёдта болып өткен Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Араб мәмлекетлери лигасы саммитиниң жуўмағы бойынша байланыс топарын шөлкемлестирген еди. Бул команда алдын Пекин, Москва, Лондон ҳәм Париж бенен байланыс алып барған. Айырым илажларға Палестина сыртқы ислер министри ҳәм БГИ Бас хаткери де қосылған.
Сөйлесиўлерден қандай нәтийже күтилип атырғаны айтылмаған.
ӨзА