Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 34 жыл толыўы мүнәсибети менен “Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!” атамасындағы байрам илажы болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Филиалдың Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы А.Сейткамалов қатнасыўшыларды уллы байрам, 1 декабрь – Қарақалпақстан Республикасы “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызамы қабыл етилгениниң 34 жыллығы менен қызғын қутлықлады.

Илажда Қарақалпақстан халық жазыўшысы, филология илимлериниң кандидаты А.Абдиев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр Р.Отарбаевлар сөзге шығып,  ана тилимиз халқымыздың тарийхын, турмыс тәризин ҳәм миллий өзлигин өзинде жәмлеген бийбаҳа байлық екенлиги,  оны қәстерлеў ҳәм ҳүрмет етиў бәршемиздиң перзентлик парызымыз болып есапланатуғыны ҳаққында атап өтти. Сондай-ақ илаж даўамында кейинги жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы, әсиресе жасларды ана тилинде таза сөйлеўге үгит-нәсиятлаў әҳмийетли екенлиги  бойынша баҳалы пикирлер билдирилди. Усы жылы  “Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги” төрт томлық китабының мобил қосымшасы ислеп шығылғанлығы айрықша атап өтилди.

Салтанатлы байрам илажы филиалдың қәбилетли студент-жасларынан дүзилген “Қарекеңше онлайн” командасы тәрепинен таярланған әжайып концерт бағдарламасы менен даўам етти. Қыз-жигитлердиң миллий аяқ ойынлары, бақсы ҳәм жыраўлардың шығыўлары, қарақалпақ миллий қосықларының жанлы тәризде атқарылыўы, әсиресе  “Зийўар” тарийхый көркем фильминен алынған сахналық көринислер бәрше тамашагөйлерди айрықша тәсирлендирди.






Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 34 жыл толыўы мүнәсибети менен өткерилген илаж ҳәр жылғыдан да  жоқары дәрежеде өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги