Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басламасы менен Жоқары оқыў орынларында оқып атырған студент жаслар арасында «Zakovat Quiz» интеллектуаллық ойыны болып өтти.

Онда республикамызда жайласқан жоқары орынларынан жәми 18 команда өз-ара беллести.

Қызықлы өткен беллесиўлер жуўмағында, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Karsu» командасы биринши, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Zıyalı jaslar» командасы екинши, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студентлери үшинши ҳәм Қарақалпақстан медицина институты командасы төртинши орынларды ийелеўге миясар болды.


Жарыс соңында жеңимпаз командаларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом, ақшалай сыйлық ҳәм Ташкент қаласында болып өтетуғын «Intelektuallıq olimpiada» жарысына жолламалар тапсырылды.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы